Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Японияның IT компанияларының ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў алдында «Information Technology Federation of Japan» шөлкеминиң директоры Тошиаки Татеиши жумысы ҳәм ўазыйпалары, әмелге асырып атырған жойбарлары ҳаққында толық мағлыўмат берди. Атап айтқанда, санлы билимлендириў тараўында жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар менен де таныстырып өтти. Сапардан мақсет санлы технологиялар бойынша Өзбекстандағы жағдайды үйрениў, санлы билимлендириў жағдайы ҳаққында билиў, додалаў ҳәм пикир алысыў екенлигин билдирди.

Соның менен бирге, Шерзод Шерматов санлы билимлендириў тараўында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў ҳәм бирге ислесиўди жолға қойыўды усыныс етти. Сондай-ақ, Өзбекстанда санлы билимлендириў тараўында қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, оларды IT тараўындағы заманагөй кәсиплерге үйретиў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Бул жойбарларды Япония тәрепи менен биргеликте әмелге асырыў перспективаларын арттырыў, IT компанияларды тартқан ҳалда аралықтан ҳәм IT хызметлерин аутсорсинг етиў зонасын шөлкемлестириў, жаслар ушын жумыс орынларын жаратыў мәселелери додаланды.

Ушырасыў соңында, санлы билимлендириўди раўажландырыў тараўында бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективалары бойынша пикир алысылып, тийисли усыныслар ислеп шығыўға келисип алынды.

Н.Раҳмонова, ӨзА