«European geopolitical forum»да Өзбекстанның ЖСШға ағза болыў жолындағы қәдемлери сәўлелендирилди

434

Абырайлы интернет басылымы – «European geopolitical forum»да Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты, Халықаралық ислер ҳәм парламентлераралық байланыс комитетиниң баслығы Қодир Жўраевтиң «Өзбекстанның ЖСШға ағза болыў жолындағы  анық қәдемлери» атамасындағы мақаласы басып шығарылды.

Мақалада ҳәзирги бағдардағы ҳәрекетлер, атап айтқанда нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў бағдарындағы мәмлекетимизде алып барылып атырған әмелий жумыслар ҳаққында сөз еткен.

– 2020-жылдан кейин Өзбекстан ЖСШға қарай ҳәрекетти сезилерли дәрежеде жеделлестирди ҳәм усы структураға кириўди әҳмийетли деп билген мәмлекетлер қатарынан орын алды, – делинген мақалада. – Ҳәзир республикамыз Жәҳән  саўда шөлкемине ағза болыў ушын исенимли түрде шешим еткен ҳалда, быйылғы жылыда избе-излик пенен барлық зәрүр реформаларды әмелге асырмақта ҳәм анық қәдемлер тасламақта.

Сондай-ақ, автор 2023-жылы сентябрьде Президент Шавкат Мирзиёев БМШ Бас ассамблеясының 78-сессиясы шеңберинде ЖСШ Бас директоры Нгози Оконжо-Ивеала менен ушырасыў өткергени, сөйлесиў ўақтында структураның басшысы Өзбекстан тәрепинен шөлкемге ағза мәмлекетлер  қатарынан орын алыў ушын көрилип атырған илажларды жоқары баҳалағанын атап өткен. Буннан тысқары, ҳәзирги процесс дүнья жәмийетшилиги тәрепинен де қызғын қоллап-қуўатланып атырғаны, бир қатар мәмлекетлер менен сөйлесиў процеси жуўмақланғаны ҳәм базарға кириў протоколларына қол қойылғаны  атап өтилген.

– Усы жылдың май айында болып өткен жумысшы топардың сегизинши мәжилисинде ЖСШға  кириў ўақты сыпатында 2026-жыл белгиленди, – деп пикирин даўам еттиреди Қ.Жўраев. – Әлбетте, анық мүддет  белгилениўи  негизинде процессти және де тезлестириў, ағза мәмлекетлердиң усы мәселеге итибарын күшейтиў мақсети болып есапланады.

Соңғы жыллары Өзбекстан бул бағдарда бир қатар реформаларды әмелге асырды. Мәмлекет экономикасында түпкиликли өзгерислер болмақта. Монополияға шек  қойыў жолында қатаң ҳәрекет алып барылмақта.

Илимпазлар ЖСШға кириў ушын  талап етилетуғын реформалар себепли экономика қысқа мүдетте 3 процент, орта мүдетте болса 11 процент өсиўин есаплап шыққан. Өзбекстанда   болса бул көрсеткиш бир неше есеге салмақлы.

Мәмлекеттиң дүньяға ашылыўы даўам  етпекте ҳәм бул процессте көплеген мәмлекетлер менен жедел бирге ислесиў жолға қойылған. Бир мысал, 2021-жылы ЕА GSP+  Өзбекстанға саўда тәртибин усыныс етти. Бул 6200 түрдеги өнимди Европа Аўқамына  бажысыз экспорт етиў мүмкин екенлигин аңлатады.

Экономикалық сиясатта халықаралық стандартқа бейимлесиў процеси жеделлесип, хуқықый тийкар жаратыла басланды. Әсиресе, Президентимиздиң «Базар потенциалын және де жеделлестириў  ҳәм Өзбекстан Республикасы миллий нызамшылығын Жәҳән саўда шөлкеминиң келисимлерине муўапықластырыў бойынша гезектеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманы быйылғы жылдағы әҳмийетли ҳәм салмақлы қәдем болып есапланады.

Өзбекстанның ЖСШға қосылыў  қарары исенимли ҳәм бул бағдарда сезилерли раўажланыўға ерисиў ушын бар имканият иске қосылмақта. Усы абырайлы халықаралық структураға  қабыл  етилиў халықаралық бирге ислесиўди және де кеңейтип, улыўма жаңа басқышқа  алып шығыўды толық  аңлаған Өзбекстан анық ҳәрекетти даўам еттирмекте. Оның ушын анық режелер белгилеп алынып, избе-излик пенен турмысқа енгизилмекте.

Муҳтарама Комилова

ӨзАның хабаршысы