Жаңа турмыс қурылысшыларына ҳүрмет көрсетилди

Халықаралық форумлар сарайында қурылыс тараўы хызметкерлери күнине бағышланған саланатлы илаж болып өтти.
Мәмлекетимиз басшысының тийисли пәрманына бола 2017-жылдан баслап август айының екинши екшембиси Өзбекстан Республикасы қурылыс тараўы хызметкерлери күни сыпатында кеңнен белгиленеди.
Сәне мүнәсибети менен шөлкемлестирилген гезектеги илажда Президентимиздиң мәмлекетимиз қурылыс тараўының хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хаткери Шерзод Асадов оқып еситтирди.
Мәмлекетимизде қала ҳәм аўыллардың көринисин өзгертиў, заманагөй архитектура тийкарында пүткиллей жаңалаў, турақ жайлар, социаллық тараў ҳәм инфраструктура объектлерин қурыў бойынша кең көлемли қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бул қурылыс жумыслары тек қала менен аўыллардың көринисин өзгертип ғана қоймастан, ал адамлардың турмысына өзгеше мазмун алып кирмекте.

Санларға мүрәжат етсек, усы жылдың биринши ярымында қурылыс жумысларының көлеми 2023-жылға қарағанда 10 проценттен аслам артып, дерлик 80 триллион сумға жетти. Тараўдың жалпы ишки өнимдеги үлеси 6 проценттен көбиректи қурамақта. Булардың барлығы мәмлекетимизде қурылыс жумысларының көлеми жыл сайын кеңейип, архитектура ҳәм қурылыс тараўы раўажланып атырғанын көрсетеди. Өткен жылы тек ғана Инвестиция бағдарламасы шеңберинде 2 мың 526 социаллық ҳәм инфраструктуралық объектлерде қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары орынланған. «Басламалы бюджет» системасы тийкарында мәҳәллелердеги 4 мың 700 объектте 4,5 триллион сумлық қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылған.

Мағлыўматларға бола, 2017-жылдан бүгинги күнге шекем 412 мың квартирадан ибарат 26 миллион квадрат метрлик 10 мың турақ жайлар қурылған. Бул жумыслардың даўамы сыпатында усы жылы 52 аймақта «Жаңа Өзбекстан» массивлери қурылмақта. Өткен алты ай даўамында бул массивлерде 4,2 мың квартиралы 104 турақ жай пайдаланыўға тапсырылды.

Рейтинг платформасында 2022-жылы улыўма 20 мың 140 қурылыс- жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем болған болса, ҳәзирги күнде олардың саны 23 мың 576 ны қурады. 2024-жылдың январь-май айларында жумысты бөлип алып ислеўшилердиң жумыс көлеми 59,1 триллион сумды қурап, өткен жылға салыстырғанда 7,2 процентке өскен.

Байрам илажында бул көрсеткишлерди әмелге асырыўда нәтийжели жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң мийнети атап өтилип, мүнәсип сыйлықланды.

– Қурылыстың жедел пәтлерде өсип атырғаны тараўда заман талаплары тийкарында терең реформаларды әмелге асырыўды талап етпекте, – дейди Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлигиниң қәнигеси Элёр Комилов. – Усы мәнисте, соңғы жылларда қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўын реформалаў бойынша улыўма 55 Президент ҳүжжети, 58 ҳүкимет қарары ҳәм 11 нызам ҳүжжетлери қабыл етилди. «Ашық-айдын қурылыс» миллий мәлимлеме системасында қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы тараўындағы барлық 16 мәмлекетлик хызметлердиң санластырлыўы нәтийжесинде халық ҳәм бизнес ийелерине үйинен шықпаған ҳалда хызметлерден пайдаланыў имканияты жаратылды. Сондай-ақ, хызмет көрсетиўде қағазпазлық ҳәм артықша әўерегершиликке шек қойылды.
Белгили көркем өнер ийелери, сөз шеберлериниң қатнасыўындағы концерт бағдараламасы ба йрам илажына өзгеше заўық бағышлады.
Шаҳноза МАМАТУРОПОВА,
ӨзАның хабаршысы