Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң кеңейтилген мәжилисинде Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң «Биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилердиң бюджет қаржыларынан пайдаланыўы менен байланыслы мақсетли индикаторлардың орынланыў жағдайы ҳаққында»ғы мәлимлемеси тыңланды.
Мәлимлемеде атап өтилгениндей, ҳәр жылғы Мәмлекетлик бюджеттиң мақсетли жумсалыўы бойынша 2024-жыл ушын анықланған режели көрсеткиште 5 триллион 820 миллиард 800 миллион сум қаржы ажыратылыўы белгиленген.
Быйылғы жылдың биринши ярым жыллығында республика бюджетинен әмелге асырылған жәми қәрежетлер болса 2 триллион 238 миддиард 900 миллион сумды қурады.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм оның басқарыўындағы мәкемелер ҳәзирги қәрежетлери ушын 4 триллион 768 миллиард 600 миллион сум қаржы ажыратылған болып, 1-июль жағдайына бола әмелге асырылған қәрежетлер муғдары 1 триллион 877 миллиард 600 миллион сумды қурады.
Буннан тысқары, жоқары билимлендириў мәкемесинде магистратура басқышында оқып атырған барлық ҳаял-қызлардың контракт төлемлерин қайтарыў шәртисиз қаплаў қәрежетлери бағдарламасына тийкарланып 2024-жылы анықланған режеге бола 97,2 миллиард сум ажыратыў белгиленген.
Быйылғы жылдың 1-июль жағдайына бола 2023-2024-оқыў жылында усы бағдарлама тийкарында 22,8 миллиард сум қаржы төлеп берилген.
2024-жылы мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында студентлер турақ жайын қурыў бойынша жойбарлар ушын ажыратылған 175,1 миллиард сум субсидия қаржыларынан ярым жыллықта 67,3 миллиард сумды жумсаған ҳәм бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам еттирилмекте.
Сөйлесиўлер даўамында комитет ағзалары мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылардан өз ўақтында нәтийжели пайдаланыў, бюджет мағлыўматларының ашық-айданлығын тәмийинлеў бойынша бир қатар усыныс ҳәм мәсләҳәтлер берди.
М.Комилова, ӨзА