Зергерлик буйымларын ислеп шығарыў және де раўажландырылады

Быйылғы жылдыӊ 23-июль күни “Зергерлик буйымларын ислеп шығарыў тараўын және де раўажландырыў ҳәм олардыӊ бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў илажлары ҳаққында”ғы Президент Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға бола:
— 2024–2026-жыллары Бухара ҳәм Наманган ўәлаятларында биреўден ҳәм Ташкент қаласында еки зергерлик орайлары шөлкемлестириледи:
— зергерлик орайында исбилерменлик субъектлери ушын зәрүр инфраструктура жаратылады;
— 2025-жылдыӊ жуўмағына шекем баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслардан исленген зергерлик ҳәм басқа буйымлардыӊ жыллық ислеп шығарыў көлемлери 1 миллиард АҚШ долларына ҳәм экспорт көрсеткиши 100 миллион АҚШ долларына жеткериледи.
2025-жыл 1-январьға шекем зергерлик орайларын шөлкемлестириў ушын мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин бир пүтин мүлк сыпатында яки лотлар (бөлеклер ҳәм ханалар)ға бөлген ҳалда исбилерменлик субъектлери ҳәм коммерциялық банклерге узақ мүддетли ижараға яки мүлк ҳуқықы тийкарында, баҳасын бөлип-бөлип төлеў шәртлеринде реализациялаў илажлары көриледи.
Пәрманға муўапық шөлкемлестирилетуғын зергерлик орайларындағы ислеп шығарыўшыларға баҳалы металларды кешиктирип төлеў шәрти менен сатыўда:
— 90 күн ишинде әмелге асырылған төменлер бөлегине – процент есапланбайды;
— 91-күннен баслап 180-күнге шекем әмелге асырылған төлемлер бөлегине – жыллық 3 процент муғдарында процент сеапланады.
Пәрманға муўапық, зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылар “Алмалық КМК” АЖ ҳәм “Наўайы КМК” АЖ тәрепинен үзликсиз түрде зәрүр муғдардағы баҳалы металлар менен тәмийинленеди.
2024-жыл 1-сентябрьдан:
— “Өзбекзергерсанааты” аўқамына ағза болған аффинаж кәрханаларына “Алмалық КМК” АЖ ҳәм “Наўайы КМК” АЖдан тиккелей шәртнамалар тийкарында 100 процент алдыннан төлем шәртлеринде баҳалы металларды сатып алыў ҳәм соӊ оларды қолайлы болған түр ҳәм муғдарларға келтирген ҳалда зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға сатыў ҳуқықы бериледи;
— зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға өзлери жасаған ярым таяр зергерлик буйымларын басқа зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға реализациялаўға рухсат етиледи.
2024-жыл 1-октябрьден 2027-жыл 1-октябрьге шекем:
— зергерлик санаатында қолланылатуғын лигатура өнимлерин импорт етиўде арнаўлы түрдеги товарлар импорты ушын лицензия алыў талабы бийкар етиледи;
— Өзбекстан аймағына алып кирилетуғын ҳәм зергерлик санаатында қолланылатуғын лигатура өнимлери бажыхана бажысынан азат етиледи.
Пәрманға бола, 2024-жыл 1-августтан сырт ел көргизбе ҳәм ярмаркаларында көрсетиў ушын алып шығылатуғын таяр зергерлик буйымларын “ўақтынша алып шығыў” бажыхана режимине жайластырыўда жыйым БЕМ ниӊ 1 есеси (340 мыӊ сум) муғдарда өндириледи.
2024-жыл 1-октябрьден 2027-жыл 1-октябрьге шекем:
— белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын дизимлер бойынша импорт етилетуғын, Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын ҳәм зергерлик тараўында пайдаланылатуғын әсбап-үскенелер, қадақлаў ҳәм этикеткалаў өнимлери бажыхана бажысындан азат етиледи;
— “Uzbek Jewellery Fair” халықаралық көргизбе саўдасы шеӊберинде Өзбекстанныӊ норезидентлери тәрепинен республика аймағына ўақтынша алып кирилетуғын ҳәм соӊ қайтарып алып шығылатуғын зергерлик буйымларына бажыхана ҳүжжетлерин рәсмийлестириўде бажыхана жыйымлары өндирилмейди.
ӨзА