Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикери Нуриддин Исмоилов Алжир Халық Демократиялық Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Муҳаммед Ирқиди қабыллады.
Ушырасыўда еки тәреплеме раўажланып атырған саўда-инвестициялық қатнасықларды мәмлекетлердиң экономикалық потенциалынан келип шығып жаңа басқышқа көтериў, иске түсирилмеген имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў кереклиги атап өтилди.
Муҳаммед Ирқи Алжир Өзбекстанның ғәрезсизлигин бириншилерден болып тән алған араб мәмлекетлеринен бири екенлигин атап өтип, Өзбекстанда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында «Өзбекстан-2030» стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды жоқары баҳалады. Сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы түрли тараўдағы қатнасықларды, атап айтқанда, парламентлераралық бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелерине итибар қаратты.
Сөйлесиў ўақтында усы жылдың сентябрь-октябрь айларында еки мәмлекеттиң парламентлери «дослық топарлары»арасында ушырасыў шөлкемлестириўге келисип алынды ҳәм онда көрип шығылыўы режелестирилип атырған мәселелер додаланды.
Ушырасыў қызғын, ашық ҳәм дослық руўхында өтти.
ӨзА