2024-жылдың 22-июль күни Жер тарийхындағы кеминде соңғы 120 мың жыл ушын ең ыссы күн болды. Бул ҳаққында Европа климат мониторинги хызмети мағлыўматлары дәрек бермекте,- деп хабар бермекте Accosiated Press мәлимлеме агентлиги.

Коперник жасалма жолдасының дәслепки мағлыўматларына бола, дүйшемби күни дүнья 21-июль, екшемби күни атап өтилген алдыңғы рекордтан 0,06 °C ыссырақ болған.

Усы ҳәптениң биринши күнинде глобал орташа температура 17,15 °C ге жетти.

Коперник хызмети 1940-жылдан берли бул статистиканы жүргизип келеди. Алымлардың 120 мың жыл даўамындағы температура рекорды ҳаққындағы шамалаўлары тереклердиң шақалары ҳәм муз ядролары тийкарындағы изертлеўлерге тийкарланған.

Изертлеўшилер антропоген ыссыхана газлери эмиссиясы Жердеги климат өзгерисиниң тийкарғы факторы екенлигин атап өтти. Қәнигелердиң атап өткениндей, бул факторсыз температура рекордлары атап өтилмейтуғын еди. Углерод ҳәм басқа элементлер транспорт, санаат ҳәм энергетика инфраструктурасы раўажланыўы себепли атмосфераны патасламақта,- деп жазады xabar.uz cайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги