Инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) институтының орны ҳәм қатнасы үлкен әҳмийетке ийе. Омбудсман жумысының нызамлы тийкарларын жетилистириў болса оның нәтийжели жумыс алып барыўында шешиўши әҳмийетке ийе болып табылады.

Парламент төменги палатасының бир топар депутатлары тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылды.

Бул жойбарда Омбудсман институтына қосымша кепилликлер бериў нәзерде тутылмақта. Омбудсман тәрепинен ҳәр жылы 15-мартқа шекем парламент палаталарына қыйын жағдайлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслардың  баянатын усыныўы нәзерде тутылмақта. Омбудсманға нызамшылық басламасы ҳуқықы берилмекте.

Соның менен бирге, әйне бир тәрептиң еки мәртеден артық Омбудсман етип сайланыўына жол қойылмайтуғынлығы да өз көринисин тапқан.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының жақында болып өткен мәжилисинде усы нызам жойбары биринши оқылыўда қабыл етилди. Хош бол нызам жойбарын ислеп шығыў ушын қандай зәрүрлик жүзеге келдиЎ

Бул ҳаққында Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова толық айтып берди.

 

 

ӨзА