Елшимиз Араб Қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеӊеси Бас хаткери менен ушырасты

Араб Қолтығы мәмлекетлери менен бирге ислесиў кеӊеси Бас хаткери Жасим Муҳаммад Ал-Будаивий Ар-Риёд қаласында Өзбекстанныӊ Саудия Арабстаны Патшалығындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Нодиржон Турғуновты қабыл етти.
SPA хабарына бола, сәўбет даўамында Кеӊес ҳәм Өзбекстан арасындағы байланыслар, улыўма Орайлық Азия менен қатнасық ҳәм бирге ислесиў көлемин кеӊейтиў жоллары көрип шығылған. Регионаллық ҳәм халықаралық көлемдеги соӊғы ўақыялар, тәреплерди қызықтырған сиясий мәселелер бойынша пикир алысылған.
Сөйлесиўлер даўамында болажақ илажлар, атап айтқанда, 2025-жылы Самарқандта өтетуғын “Орайлық Азия –Араб Қолтығы мәмлекетлери бирге ислесиў кеӊеси” қарым-қатнасыныӊ екинши жоқары дәрежедеги саммитине пуқта таярлық көриў ҳәм шерикликти және де тереӊлестириў мәселелери додаланған.
Жасим Муҳаммад Ал-Будаивий Өзбекстан басшылығыныӊ прагматикалық сыртқы сиясаты нәтийжесинде жақсы қоӊсышылық беккемленип, регион менен саўда айланысы өсип баратырғанын атап өтти.
Ушырасыўдыӊ жуўмағында Бас хаткер елшимизге өз жумысын орынлаўда табыслар тиледи, жоқары дәрежедеги Самарқанд саммитине таярлық процесин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, бул бағдардағы ис-ҳәрекетти жеделлестириў ушын байланысты даўам еттириўге келисип алынды.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА