Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни бир қатар сырт еллердиң мәмлекет басшылары ҳәм белгили сиясатшылары менен телефон арқалы сәўбетлести.

Сырт елли бирге ислеўшилер мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы артқа қайтпас реформаларды әмелге асырыўда үлкен табыслар, көп миллетли халқымызға тынышлық-татыўлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирди.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлесиўде Өзбекстан – Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери додаланды.

Россия Федерациясы Президентиниң усы жылы 26-28-май күнлери Өзбекстан Республикасына мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди жүзеге шығарыўдың әмелий тәреплерине айрықша итибар қаратылды.

Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен сәўбетте Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы көп тәреплеме, дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының әҳмийетли мәселелери додаланды.

Жақында болып өткен Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси мәжилислериниң нәтийжели жуўмақлары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыўды және де көбейтиў, жаңа кооперация жойбарларын алға қойыў ҳәм мәдений алмасыўды раўажландырыў атап өтилди.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасим-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлесиўде әмелий бирге ислесиў жедел раўажланып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Болажақ жоқары дәрежедеги еки тәреплеме илажларға таярлық көриў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сондай-ақ, быйылғы жылдыӊ август айында Астана қаласында өткерилиўи режелестирилген регион мәмлекетлери басшыларыныӊ гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўы ҳәм «Орайлық Азия + Япония» саммитин өткериў мәселелери көрип шығылды.

Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен сәўбетте Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы кең көлемли стратегиялық бирге ислесиў қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Қырғызстан Президентиниң жақында Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлер топламын, атап айтқанда, биргеликтеги «жол картасы» тийкарында өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен 24-июль күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўинде Өзбекстан – Тәжикстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан Президентиниӊ усы жыл 18-19-апрель күнлери Тәжикстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўлардағы келисимлерди әмелге асырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекет басшылары халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты.

Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен Өзбекстан-Әзербайжан дослық ҳәм стратегиялық бирге ислесиў қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Екинши Аймақлар форумы, Ҳүкиметлерарлық комиссия мәжилиси ҳәм бир қатар биргеликтеги мәдений илажлардың нәтийжели жуўмақлары қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың экономикалық күн тәртибин пуқта таярлаў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлери регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплерин де додалады.

Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко менен телефон арқалы сөйлесиўде усы жылдың 7-9-февраль күнлери Беларусь Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасына сапарының жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди қабыл етилген «жол картасы» тийкарында әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен Өзбекстан – Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, атап айтқанда, быйылғы жылдың 5-6-июнь күнлери Анқара қаласына жоқары дәрежедеги сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Бирлескен Араб Әмирлиги вице-президенти Шайх Мансур Ол Наҳаян менен телефон арқалы сөйлесиўде әҳмийетли бағдарларда әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери толық көрип шығылды.

Сөйлесиў алдында шайх Мансур Ол Наҳаян мәмлекетимиз басшысына Әмирликлер Президенти Шайх Муҳаммед Ол Наҳаянның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен БАӘ арасындағы көп тәреплемели қатнасықлар, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Тығыз қарым-қатнасты даўам еттириў ҳәм болашақ жоқары дәрежедеги ушырасыўларға пухта таярлық көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңеси Баслығы Валентина Матвиенко мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм мәмлекетшилик жумысында жаңа табыслар тиледи.

Еки мәмлекет парламентлериниң нәтийжели бирге ислесиўи Өзбекстан менен Россия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўге хызмет етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаев мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, беккем денсаўлық, шаңарағына бахыт-ығбал ҳәм табыслар тиледи.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан-Қазақстан жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының бүгинги дәрежесине жоқары баҳа берилди.

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына оның туўылған күни мүнәсибети менен сырт мәмлекетлер, ҳүкиметлер ҳәм парламентлер, абырайлы халықаралық шөлкемлер, жетекши сырт ел компанияларының басшылары, жәмийетлик ғайраткерлерден қызғын қутлықлаўлар келмекте.

Сырт елли бирге ислесиўшилер өз қутлықлаўларында Өзбекстан Президентиниң артқа қайтпас сиясий реформалар ҳәм экономикалық жаңаланыўлар бағдарламасын нәтийжели әмелге асырыўдағы жетекшилиги ҳәм күшин айрықша атап өткен. Миллий экономиканың сапа жағынан өсиўи, халық абаданлығының артыўы, мәмлекеттиң халықаралық дәрежеси сезилерли дәрежеде беккемленип, дүнья мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиў кеңейип баратырғаны да соннан дәрек береди.

Сондай-ақ, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, жуўапкершиликли ҳәм ийгиликли жумысында табыслар, көп миллетли Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тилеклери билдирилген.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа  

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди туўылған күниңиз бенен шын жүректен қутлықлайман.

Президентлик жумысыңыз бенен ўатанласларыңыз арасында үлкен ҳүрмет ҳәм жоқары халықаралық абырай-мәртебеге миясар болдыңыз. Сизиң басшылығыңызда Өзбекстан социаллық ҳәм экономикалық тараўларда салмақлы нәтийжелерге еристи, дүнья майданында өз дәрежесин беккемледи.

Мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық бирге ислесиў ҳәм аўқамласлық қатнасықларын, барлық бағдарларда нәтийжели еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан жеке үлесиңиз оғада үлкен.

Жақында Ташкентте өткен нәтийжели сөйлесиўлеримизди еслеймен. Россия ҳәм Өзбекстанның дос халықларының абаданлығы жолында конструктивлик қарым-қатнасты ҳәм тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўден қуўанышлыман.

Сизге шын жүректен беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, абаданлық ҳәм табыслар тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Владимир ПУТИН,

Россия Федерациясы Президенти

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен Сизге қызғын қутлықлаўларымды ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдириўге рухсат еткейсиз.

Усы жылдың январь айында Сиз өмирлик жолдасыңыз бенен Қытайға нәтийжели мәмлекетлик сапарды әмелге асырған едиңиз, бул сапар етиўдаўамында Сиз бенен нәтийжели өз-ара сөйлесиўлер алып бардық, еки тәреплеме қатнасықларды жаңа дәўирде барлық шараятта кең көлемли стратегиялық бирге ислесиў дәрежесине көтериў ҳәм Қытай – Өзбекстан улыўма тәғдирин және де жоқары басқыштан қурыўымызға келисип алдық ҳәм еки мәмлекет арасындағы барлық бағдарлар бойынша бирге ислесиўдиң жаңа режесин белгилеп алдық. Жақында Астана қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми саммити шеңберинде ушырасыў өткердик ҳәм Қытай – Өзбекстан бирге ислесиўи бойынша жаңа келисимлерге еристик.

Қытай – Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратаман ҳәм Сиз бенен беккем дослығымызды қәдирлеймен. Сиз бенен биргеликте барлық тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм Қытай – Өзбекстан қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығыў бағдарындағы ҳәрекетлерге таярман. Исенимим кәмил, Сизиң басшылығыңызда «Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген барлық мақсетлер, әлбетте, өз ўақтында әмелге асырылады.

Си ЦЗИНЬПИН,

Қытай Халық Республикасы Басшысы

 

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен Сизге ең жақсы қутлықлаўларымды ҳәм ең қызғын тилеклеримди жоллаўға рухсат еткейсиз.

Сизге узақ өмир, беккем денсаўлық ҳәм табыслар тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Нарендра МОДИ,

Ҳиндстан Республикасы Бас министри

 

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды ҳәм ең жақсы тилеклеримди қабыл еткейсиз.

Сизиң дөретиўшилик ислериңиз ҳәм ақыллы басшылығыңыз себепли бүгин Сиз халқыңыздың улыўма тән алған жетекшиси болып, халықаралық жәмийетшиликте ҳақылы түрде үлкен абырай-мәртебеге ийесиз.

Исенимим кәмил, Сизиң стратегиялық жолыңызға қатаң әмел етип, әҳмийетли баслама ҳәм реформаларды табыслы әмелге асырып, туўысқан өзбек халқы абадан Жаңа Өзбекстанды қурыўда Сиз қойған жоқары мақсетлерге ериседи.

Мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге қосып атырған үлкен жеке үлесиңизди жоқары қәдирлеймен.

Қазақстан – Өзбекстан стратегиялық бирге ислесиў ҳәм аўқамласлық қатнасықларын ҳәр тәреплеме беккемлеўге исенимли умтылысымды тастыйықлап, Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, таўсылмас күш-ғайрат, шаңарақлық абаданлық ҳәм туўысқан Өзбекстан раўажланыўы жолындағы жуўапкершиликли жумысыңызда жаңа нәтийжелер тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Қасым-Жомарт ТОҚАЕВ,

Қазақстан Республикасы Президенти

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа  

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Өзбекстан Республикасына мәмлекетлик сапарым жоқары дәрежеде шөлкемлескени ҳәм Қырғызстан Республикасы делегациясына көрсетилген қызғын миймандослық ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Сиз бенен пайтахтыңыз Ташкентте ҳәм Өзбекстанның гәўҳары – әййемги Хийўа қаласында өткен ушырасыўларымызды жыллы сезимлер менен еслеймен.

Хийўа халқының қызғын қабыллаўы, сондай-ақ, «Музей-қала» атын алған Хийўа қаласының тарийхый, мәдений ҳәм архитектуралық естеликлери үлкен тәсир қалдырды.

Биз Өзбекстандағы үлкен табыслар менен үлкен өзгерислерге гүўа болдық. Исендирип айтаман, мәмлекетиңизге сапарым шеңбериндеги ўақыялар жүреклеримизде жарқын ҳәм жағымлы еслеўлер қалдырды.

Қырғызстан ҳәм Өзбекстан халықларының терең тарийхый байланыслары ҳәм ортақ миллий-руўхый қәдириятлары бүгинги күнде өз-ара пайдалы бирге ислесиўимиз ушын беккем тийкар жаратты.

Сиз бенен қызғын ҳәм исенимли өз-ара мүнәсибетлеримиз буннан былай да мәмлекетлеримиз арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў факторы болып қалады.

Мәмлекетлеримиз арасындағы ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти дослық ҳәм жақсы қоңсышылық руўхында раўажландырыў мәселелерине жеке итибарыңызды жоқары қәдирлеймен.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизиң тымсалыңызда (ҳамфикр), садық ҳәм жақын достымды тапқанымнан жүдә қуўанышлыман.

Ташкент ҳәм Хийўада өткен ушырасыўларымыз жуўмағында ерисилген барлық келисимлер толық әмелге асырылыўына исенемен.

Исенимим кәмил, мәмлекетлик сапардың жуўмақлары бойынша қол қойылған еки тәреплеме ҳүжжетлердиң әмелге асырылыўы сиясий, саўда-экономикалық, энергетика, транспорт, инвестиция, илимий-техникалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа тараўлардағы қатнасықларды турақлы раўажландырыўға жаңа пәт бағышлайды.

Биз туўысқан халықларымыз арасындағы айқын ҳәм дослық қатнасықларды, олардың абаданлығы жолында ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди жаңа күш ҳәм жаңа руўх пенен даўам еттиремиз, деп исенемен.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизди туўылған күниңиз бенен шын жүрегимнен қызғын қутлықлайман.

Сизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, узақ өмир, мәмлекетлик жумысларында табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Садир ЖАПАРОВ,

Қырғыз Республикасы Президенти

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа  

Қәдирли Шавкат Миромонович!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен ең қызғын қутлықлаўларымды ҳәм ең жақсы тилеклеримди қабыл етиўиңизди сорайман.

Сизиң Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымындағы нәтийжели жумысыңыз ҳәм Өзбекстан халқына пидәкерлик хызметиңиз мәмлекетиңизде де, оның сыртында да мүнәсип абырай-мәртебе ҳәм ҳүрметке ылайық болды.

Биз Сизиң узақты гөзлеген басшылығыңызда туўысқан Өзбекстанның социаллық-экономикалық раўажланыў ҳәм халықаралық майдандағы абырайын избе-из беккемлеў жолындағы кең көлемли табысларынан шын жүректен миннетдармыз.

Сизиң Тәжикстан ҳәм Өзбекстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм барлық бағдарларда өз-ара пайдалы конструктив бирге ислесиў қатнасықларын сапа жағынан алға қойыў мәселелерине турақлы итибарыңызды жоқары қәдирлеймен. Мәмлекетлеримиз арасындағы тығыз байланыслар ҳәм Сиз бенен қызғын, терең исенимге тийкарланған жеке мүнәсибетлерди қәдирлеймен.

Сизиң Тәжикстанға мәмлекетлик сапарыңыздың нәтийжелерин айрықша атап өтпекшимен. Тарийхый Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылыўы кейинги жыллардағы биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиздиң логикалық нәтийжеси, деп билемен.

Душанбе қаласындағы сөйлесиўлериимиз даўамында ерисилген келисимлердиң избе-из әмелге асырылыўы мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық руўхындағы бирге ислесиўди және де беккемлеўге ҳәр тәреплеме хызмет ететуғынына исенемен.

Сизге, әзиз дос ҳәм бирадарым, шын жүрегимнен беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, шаңарақлық абаданлық ҳәм дос Өзбекстан халқының турақлы раўажланыўы жолындағы жумысыңызда жаңа үлкен табыслар тилеймен.

Жоқары ҳүрмет пенен,

Эмомали РАҲМОН,

Тәжикстан Республикасы Президенти

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Туўылған күниңиз мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды ҳәм ең жақсы тилеклеримди қабыл еткейсиз.

Сизиң туўысқан Өзбекстан Республикасының раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығы жолындағы ис-ҳәрекетлериңиз ҳәм тынымсыз мийнетиңиз ҳақыйқый ўатансүйиўшилик ҳәм өз Ўатанына пидайылық пенен хызмет етиўдиң айқын үлгиси болып есапланады.

Мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық бирге ислесиў ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын раўажландырыўға жеке итибарыңызды айрықша атап өтпекшимен. Қызғын дослық ҳәм өз-ара түсиникти беккемлеўге қосып атырған үлкен үлесиңиз ушын Сизге қызғын миннетдаршылық билдиремен.

Пурсаттан пайдаланып, ҳүрметли Шавкат Миромонович, қәдирли бирадарым, Сизге шын жүрегимнен беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм шаңарақлық абаданлық, туўысқан Өзбекстан халқына болса тынышлық-татыўлық, раўажланыў тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Гурбангули БЕРДИМУҲАМЕДОВ,

Түркмен халқының миллий жетекшиси,

Түркменстан Халық Мәсләҳәти Басшысы

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Туўылған күнииңиз мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды ҳәм ең жақсы тилеклеримди қабыл еткейсиз.

Соны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтиўди қәлер едим, жақсы қоңсышылық, дослық ҳәм өз-ара түсинисиў принциплерине тийкарланған Түркменстан – Өзбекстан қатнасықлары жыл сайын жаңа мазмун менен байып бармақта, олар өз-ара үлкен исеним ҳәм ашықлық пенен ажыралып турады.

Биз мәмлекетлеримиз арасындағы ўақыт сынағынан өткен сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды буннан былай да кеңейтиў нийетиндемиз. Биргеликтеги ис-ҳәрекетлер менен Түркменстан – Өзбекстан мәмлекетлераралық қатнасықлары ҳәм стратегиялық шериклиги буннан былай да туўысқан халықларымыздың абаданлығы жолында избе-из раўажланып баратуғынына беккем исенемиз.

Пурсаттан пайдаланып, Сизге шын жүректен беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, шаңарақлық абаданлық ҳәм мәмлекетшилик жумысыңызда жаңа табыслар, туўысқан Өзбекастан халқына болса тынышлық-татыўлық, раўажланыў тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Сердар БЕРДИМУҲАМЕДОВ,

Түркменстан Президенти

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Қәдирли Шавкат Миромонович, әзиз ағам!

Сизди туўылған күниңиз бенен шын жүрегимнен қутлықлап, беккем денсаўлық, узақ өмир, бахыт-ығбал, табыслар ҳәм туўысқан Өзбекстан мәмлекети ҳәм халқының абаданлығы ҳәм тынышлығы жолындағы жумысыңызда таўсылмас күш-ғайрат тилеймен.

Мәмлекетиңизде узақты гөзелеген ҳәм қатаң басшылығыңыз астында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар ҳәм реформалар нәтийжесинде социаллық-экономикалық раўажланыўға ерисилди, Өзбекстанның дүнья көлеминдеги абырай-мәртебеси және де беккемленди. Мәмлекетиңиздиң ҳәм ишки, ҳәм сыртқы дәрежедеги табыслары сизлердиң пуқта ойланған қәдемлериңиз, ақыллы сиясатыңыз ҳәм күшли ерк-ықрарыңыздың нәтийжеси болып есапланады. Әзербайжан Өзбекстанның барлық табысларын үлкен шадлық ҳәм мақтаныш пенен күтип алмақта.

Әзербайжан – Өзбекстан дослығы ҳәм туўысқанлығын беккемлеўде, улыўмалық диний, мәдений ҳәм тарийхый тамырлар менен байланысқан халықларымыздың ерк-ықрарын көрсетиўши сийрек ушырасатуғын мәмлекетлераралық қатнасықларымызды ҳәр тәреплеме раўажландырыўда, жаңа мазмун менен байытыў ҳәм оны ҳәзирги дәрежеге көтериўде сизиң орныңыз теңсиз болып есапланады.

Мәмлекетлеримиз арасындағы жоқары дәрежедеги сапарлар турақлылық көрсетип атырғаны  мени оғада қуўандырады. Усы мәнисте Шушадағы ушырасыўымыз, жақсы пикир алмасқанымыз, қаланың тарийхый ҳәм архитектуралық естеликлери, усы жерде әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўшилик жумыслары менен танысқанымызды еслеймен. Биз қол қойған «Қарабақ декларациясы» түркий дүнья аўызбиршилигин ҳәм туўысқанлық қатнасықларын беккемлеўге хызмет ететуғынына исенимим кәмил.

Улыўмалық тарийхымыз ҳәм бай мәнаўий қәдириятларымыз бенен беккемленген тығыз қатнасықларымыз ҳалықларымыздың ерк-ықрарына муўапық биргеликтеги ис-ҳәрекетлеримиз бенен буннан  былай да раўажланып, беккемленип баратуғынына исенемен.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, мен жеке мүнәсибетлеримизди, дослығымызды, бир-биримизге болған терең ҳүрметимизди ҳәмийше қәдирлеймен, өз-ара исеним ҳәм қоллап-қуўатлаўға тийкарланған биргеликтеги жумысларымыздан, турақлы қатнасықларымыздан қанаатланаман.

Усы қутлы әййямда Сизди және бир мәрте шын жүрегимнен қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Ҳүрмет пенен,

Илҳам АЛИЕВ,

Әзербайжан Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Сизди туўылған күниңиз бенен шын жүрегимнен қутлықлайман.

Өзбекстан Республикасын турақлы раўажландырыў сиясатын табыслы әмелге асырыў, оның халықаралық майдандағы тәсирин арттырыўда Сизге тән болған жетекшилик пазыйлетлери, исенимлилик ҳәм күшли ўатансүйиўшилик сезими болып есапланады.

Усы жылдың февраль айында мәмлекетиңизге әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапар еки тәреплеме бирге ислесиўди, барлық дәрежелерде кооперация қатнасықларын беккемлеў бағдарындағы биргеликтеги умтылысларымызды және бир мәрте  тастыйықлады.

Биз буннан былай да Ташкент пенен қатнасықларды дослық ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў руўҳында даўам еттириўди мақсет еткенбиз.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизге ҳәм жақынларыңызға  тынышлық, шаңарағыңыз ҳәм досларыңыз Сизге сүйениш болыўын, хызметине пүткил өмириңизди бағышлаған Өзбекстанға болса абаданлық ҳәм тынышлық тилеймен.

Сизди миймандос Беларусь жеринде қутлықлаўдан қанаатланаман.

Ҳүрмет пенен,

Александр ЛУКАШЕНКО,

Беларусь Республикасы Президенти

***

  Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Президент мырза, қәдирли достым!

Туўылған күниңиз бенен шын жүрегимнен қутлықлап, Сиз Уллы мәртебели мырзаға жақынларыңыз бенен биргеликте саламатлыққа ҳәм тынышлыққа толы узақ өмир тилеймен.

Биргеликтеги тарийхымыз ҳәм терең тамыр жайған байланысларымыздан күш алатуғын қатнасықларымыз Сиз Уллы мәртебели мырзаның үлкен үлеси себепли еки ҳәм көп тәреплеме бағдарларда, соның ишинде, Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде де жедел раўажланып атырғаны бизге шексиз қуўаныш бағышлайды.

Өткен ай Сиз бенен биргеликте өткерген Түркия – Өзбекстан Жоқары дәрежедеги стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң III мәжилиси тийкарында елимизге әмелге асырған сапарыңыздан айрықша қанаатландым. Дослық ҳәм тилеклесликке тийкарланған тығыз қатнасықларымыз келешекте де турақлы түрде беккемлениўди даўам ететуғынына  болған исенимимди және бир мәрте қайталап өтиўди қәлер едим.

Пурсаттан пайдаланып, Сиз Уллы мәртебели мырзаға беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, дос өзбек халқына абаданлық ҳәм аманлық тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Режеп Таййип ЭРДОҒАН,

Түркия Республикасы Президенти

***

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Уллы мәртебели мырза

Сизди қутлы 67 жасыңыз бенен шын жүрегимнен қутлықлаўға руқсат еткейсиз.

Өткен айда әмелге асырған мәмлекетлик сапарым себепли Сиз бенен биргеликте дослығымызды беккемлегенимиз, сондай-ақ, Корея Республикасының Орайлық Азиядағы бирден-бир айрықша стратегиялық шериги болған Өзбекстан Республикасы менен стратегиялық қатнасықларды тереңлестиргенимизден оғада қанаатланаман.

Буннан былай да Корея – Өзбекстан қатнасықлары раўажланып, келешекке бағдарланған өз-ара пайдалы бирге ислесиў және де кеңейиўине Сиз турақлы итибар қаратасыз ҳәм қоллап-қуўатлайсыз, деп үмит етемен.

Сизге  беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал, Өзбекстан Республикасына болса мәңги абаданлық тилеймен.

Юн Сок ЁЛЬ,

Корея Республикасы Президенти

 

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Әзиз достым, ҳүрметли Президент мырза!

Сизди туўылған күниӊиз бенен шын жүректен қызғын қутлықлайман.

Сизиӊ узақты көзлеген ҳәм дана басшылығыӊыз себепли Өзбекстан Республикасы раўажланып атырғаны, мәмлекетиӊиздиӊ региондағы ҳәм халықаралық майдандағы абырай-мәртебеси барған сайын жоқарылап баратырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.

Мен өмирлик жолдасым менен бирге Сизиӊ гөззал мәмлекетиӊизге – уллы таўлар ҳәм тынық суўлы дәрьялар елине мәмлекетлик сапарды әмелге асырғанымнан, Сиз уллы мәртебели Президент мырза ҳәм уллы мәртебели Зироатхон Мирзиёева ханым менен қызғын қарым-қатнастан оғада миннетдарман, бул еки мәмлекет арасындағы тарийхый, дәстүрий ҳәм дослық қатнасықларын және де беккемлеўге хызмет етти.

Ҳүрметли Президент мырза, Сиз ҳәм өмирлик жолдасыӊызды бай тарийхымыз, бийтәкирар мәдениятымыз ҳәм көшпели халқымыздыӊ бесиги болған гөззал журтымызға өзиӊизге қолайлы ўақытта мәмлекетлик сапар менен келиўге және бир мәрте мирәт етиўден оғана миннетдарман.

Халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық беккемленип, Монголия ҳәм Өзбекстан арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў бәрқулла раўажланып барсын.

Сизге ҳәм бахытлы шаӊарағыӊызға беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм абаданлық, Өзбекстан халқына болса раўажланыў тилеймен.

Тереӊ ҳүрмет пенен,

Ухнаагийн ХУРЭЛСУХ,

Монголия Президенти

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза!

Туўылған күниӊиз мүнәсибети менен еӊ жақсы тилеклеримди билдириўге рухсат бергейсиз.

Шушадағы соӊғы ушырасыўымызды жыллы жүзлилик пенен еслеймен, оныӊ жуўмақларын есап-санақ етер екенмен, Өзбекстан тек ғана исенимли бирге ислесиўши емес, ал мәмлекетимиздиӊ жақсы досты екенин исенимли атап өтемен. Сиз бенен ашық бирге ислесиў себепли кейинги жыллары Венгрия – Өзбекстан қатнасықлары және де кеӊейип, мисли көрилмеген дәрежеге көтерилгени мени қуўандырады.

Президент мырза, қатнасықларымызды беккемлеўге садықлығыӊыз ушын оғада миннетдарман. Сизди исендирип айтаман, келешекте де Сиз менен бирге ислесиўде еки тәреплеме қатнасықларда жаӊадан-жаӊа табысларға ерисиў ушын барлық зәрүрли илажларды көриўди даўам етемен.

Сизге беккем денсаўлық ҳәм жумысыӊызда үлкен табыслар тилеймен!

Шын жүректен,

Виктор ОРБАН,

Венгрия Бас министри

* * *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза, әзиз достым!

Усы қутлы күнде Сизге еӊ жақсы қутлықлаўларымды жоллайман.

Жақында ғана Ташкентке әмелге асырған сапарым даўамында көрсеткен кеӊпейил миймандослығыӊыз ушын және бир мәрте тереӊ миннетдаршылық билдирмекшимен.

Өзимниӊ қызғын сәлемим ҳәм тереӊ миннетдаршылығым менен,

Антониу ГУТЕРРИШ,

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери

 

Төмендегилер де өз қутлықлаўларын жоллаған:

Қазақстан Республикасыныӊ биринши Президенти Нурсултан Назарбаев,

Қатар Мәмлекети Әмири Шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний,

Италия Республикасы Президенти Сержо Маттарелла,

Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай Әмирлиги ҳәкими Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум,

Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министрдиң орынбасары, Президент Аппараты баслығы Шейх Мансур бин Зоид Ол Наҳаян,

Парламентлераралық аўқамның бас хаткери Мартин Чунгонг,

Халықаралық мийнет шөлкеми бас директоры Жильбер Унгбо,

Жәҳән саўда шөлкеми бас директоры Нгози Оконжо-Ивеала,

Шанхай бирге ислесиў шөлкеми бас хаткери Чжан Мин,

Түркий мәмлекетлер шөлкеми бас хаткери Кубаничбек Омуралиев,

Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы бас хаткери Сергей Лебедев,

Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми бас хаткери Хусрав Нозирий,

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки президенти Одиль Рено-Бассо,

Азия инфраструктуралық инвестициялар банки президенти Цзинь Лицюнь,

Жипек жолы фонды баслығы Чжу Цзюнь,

Халықаралық футбол федерациясы (ФИФА) президенти Жанни Инфантино.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.