Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен телефон арқалы сөйлести.
Сәўбет алдынан Түркия басшысы Өзбекстан жетекшисин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм үлкен табыслар, Өзбекстан халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Өзбекстан – Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, атап айтқанда, быйылғы жылдың 5-6-июнь күнлери Анқара қаласына жоқары дәрежедеги сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери додаланды.
ӨзА