Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында Беларусь басшысы Өзбекстан жетекшисин туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм үлкен табыслар, көп миллетли Өзбекстан халқына болса тынышлық тиледи.

Усы жылдың 7-9-февраль күнлери Беларусь Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасына сапарының жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди қабыл етилген «жол картасы» тийкарында әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

ӨзА