Президент мектеплерине кириў имтиханларының екинши басқышы қашан өткерилетуғыны белгили болды
723

Президент мектеплерине кириў имтиханларының екинши басқышы усы жыл 27-июль күни 1 сменада болып өтеди.
Онда тест усылында математика пәнинен сын көзқараста пикирлеў ҳәм машқаланы шешиў бойынша 40 тапсырманы орынлаўға 90 минут, шет тили пәнинен грамматика (Grammar component) ҳәм текст пенен ислесиў (Reading component) бойынша 40 тапсырманы орынлаўға 40 минут бериледи.
Талабанларға тапсырманы орынлаў ушын белгиленген ўақыттан тысқары кириў имтиханының жуўаплар бетин белгилеў ушын қосымша ўақыт берилмейтуғынлығын мағлыўмат орнында айтып өтиўимиз керек.
ӨзА