Ташкентте Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги директорыныӊ орынбасары Саидфаррух Исломов ҳәм БАӘ Ҳүкимет ислери министрлигиниӊ Ҳүкимет нәтийжелилиги ҳәм мәмлекетлик басқарыўды жақсылаў бағдарламасы директоры Иброҳим Салман Ал Ҳаммадидиӊ қатнасыўындағы мәмлекетимизде мәмлекетлик уйымлардыӊ нәтийжелилигин баҳалаў жойбарыныӊ биринши мәўсими есап-санақ етилди. Бағдарламаныӊ екинши мәўсимин әмелге асырыў бойынша режелер белгилеп алынды.
Бағдарламаныӊ екинши циклинде 1 институционаллық ҳәм 7 индивидуаллық номинация бойынша министрлик ҳәм министрлик хызметкерлериниӊ баҳаланыўы белгиленген.
Дәслепки басқышта тараў қәнигелери ҳәм экспертлерден ибарат жумысшы топарды қәлиплестириў, сайлаў ҳәм категорияларын анықлаў, асессорларын таярлаў бойынша БАӘ тәрепинен методикалық жәрдем көрсетилетуғынына келисилди.
Сондай-ақ, бағдарлама жеӊимпазлары ушын БАӘда стажировкалар шөлкемлестириў, Өзбекстанда мәмлекетлик уйымлардыӊ нәтийжелилигин баҳалаў жойбарыныӊ онлайн платформасын толық иске қосыў бойынша бирге ислесиў алып барыў мәселелери додаланды.
Ушырасыў шеӊберинде жергиликли экспертлер ушын семинар шөлкемлестирилди.
Гулноза Бобоева, ӨзА