Германия ҳәм жергиликли кәрханалар ушын маман кадрлар таярлаў бойынша жаңа жойбар иске қосылды

642

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң орынбасары Шоҳрух Далиев ҳәм «German Industry and Commerce» ЖШЖ баслығы Отабек Алимжонов арасында «Skills Expert Program» жойбарын жолға қойыў бойынша келисимге қол қойылды.

Жойбардан гөзленген мақсет профессионал билимлендириў мәкемелеринде Өзбекстандағы Германия кәрханалары ҳәм жергиликли кәрханалар ушын маман қәниге кадрлар таярлаўдан ибарат.

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, бул жойбар 3 жыл даўамында әмелге асырылады ҳәм Германияның Экономика ҳәм климатты қорғаў министрлиги тәрепинен қаржыландырылады.

Жойбар шеңберинде профессионал билимлендириў мәкемелериниң дуал билимлендириў түри оқыўшылары ушын Германия стандартларына муўапық теориялық ҳәм әмелий түрдеги жуўмақлаўшы маманлық имтиханлары шөлкемлестириледи.

Имтихан нәтийжелерине бола, шөлкем тәрепинен Германия компанияларында тән алынатуғын сертификат бериледи.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА