Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Ишки қатнаўларда ҳәрекетленетуғын поездларда жолаўшы тасыў хызметлерин көрсетиўден көрилген зыянларды Мәмлекетлик бюджет есабынан компенсациялаў тәртибин тастыйықлаў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, ишки қатнаўларда ҳәрекетленетуғын поездларда жолаўшы тасыў хызметлерин көрсетиўден көрилген зыянларды Мәмлекетлик бюджет есабынан компенсациялаў тәртиби ҳаққында ўақтыншалық реже тастыйықланды.

2024-жыл 1-октябрьден баслап “Өзбекстан темир жоллары” АЖныӊ барлық түрдеги хызметлери бойынша дәрамат ҳәм қәрежетлердиӊ өз алдына есабы жүргизиледи. Онда жолаўшы тасыў ушын өз алдына дәрамат ҳәм қәрежетлер есапқа алынып, жолаўшы тасыў хызмети баҳаларын есаплаў базасы жаратылатуғыны инабатқа алынады.

2025-жыл 1-январьдан баслап темир жол хызметлерин көрсететуғын кәрханалардыӊ ишки қатнаўларда ҳәрекетленетуғын поездларда жолаўшы тасыў хызметлерин көрсетиўден көрген зыянлары усы қарар менен тастыйықланған ўақтыншалық реже талаплары тийкарында Мәмлекетлик бюджет есабынан компенсацияланады.

2025-жыл 1-декабрьге шекем темир жол транспорты тараўында мәмлекет тәрепинен тәртипке салынатуғын хызметлердиӊ баҳасын анықлаў ҳәм тастыйықлаў тәртиби ислеп шығылады. Онда хызмет көрсетиў сапасы ҳәм операциялық нәтийжелиликти арттырыўға қаратылған хошаметлеў механизмлерин (бонуслар) енгизиў ҳәм аванс төлемлерин әмелге асырыў методологиясын қолланыў есапқа алынады.

2027-жыллардан баслап Мәмлекетлик бюджеттен компенсация қаржылары тек ғана ишки қатнаўларда ҳәрекетленетуғын поездларда жолаўшы тасыў хызметлерин көрсетиў шәртнамалары тийкарында қаржыландырылады.

Ишки қатнаўларда ҳәрекетленетуғын поездларда жолаўшы тасыў хызметлерин көрсетиўден көрилген зыянларды Мәмлекетлик бюджет есабынан компенсациялаў тәртиби ҳаққында Ўақтыншалық реже ишки қатнаўларда ҳәрекетленетуғын поездларда (жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын ҳәм тезжүрер поездлардан тысқары) жолаўшы тасыў хызметлерин көрсетиўден көрилген зыянларды Мәмлекетлик бюджет есабынан компенсациялаў тәртибин белгилейди ҳәм 2027-жыл 1-январьға шекем әмел етеди.

ӨзА