Өзбекстанның пахта-тоқымашылық кластери системасы тәжирийбеси бүгинги күнде көплеген мәмлекетлерди қызықтырмақта. Атап айтқанда, Қырғызстан, Қазақстан, Пакистан сыяқлы мәмлекетлер усылардың қатарына киреди.

Мәселен, Қазақстандағы «Global Textile Turkestan» компаниясы Түркстан ўәлаятының фермер-пахтакешлери менен нәтийжели бирге ислеспекте. Сондай-ақ, Тәжикстанда «Zelal Tekstil», Қырғызстанда «Art Soft» жойбарлары әмелге асырылған еди. Енди Әзербайжан да олардың қатарында.

Өзбек модели тийкарындағы пахта-тоқымашылық кластериниң жумысы бул рет еркин түрде биринши рет Әзербайжанда да шөлкемлестирилди. Бул болса мәмлекетимиз басшысының Әзербайжанға сапарынан кейин басланған сөйлесиўлердиң нәтийжеси болып есапланады.

Әзербайжанда «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясының делегациясы өткерген сөйлесиўлер нәтийжесинде «TST Textile Group» тәрепинен Имишли аймағынан 5826 гектар майдан таңланды. Әмелге асырылатуғын толық шынжыр бес бағдарда болады.

3500 тонна гезлеме, 800 мың дана таяр өним, 9500 тонна пахта майы, 7 000 тонна пахта талшығы ҳәм 7000 тонна ийирилген жип өнимлерин ислеп шығарыўға мөлшерленген жойбар шәртнамасына қол қойылды.

– Кластер системасына өтиў мәмлекетимиз аўыл хожалығы ҳәм тоқымашылық санаатында бурылыс жасамақта, – дейди «TST Textile Group» кластер баслығы Абдуворис Йўлдошев. – Пахташылықта талшықты қайта ислеўдиң өзи 2,5 есеге артып, 100 процентке жетти, ийирилген жип ҳәм таяр өним ислеп шығарыў да бир неше есеге артып, соған сәйкес түрде экспорт көлеми де артып бармақта. Жүз мыңлаған жумыс орынлары жаратылып, Дүнья базарында өним жеткерип бериў шынжырының турақлылығы ҳәм ашық-айдынлығына ерисилди.

Бүгинги күнде кластерлерде 3,4 миллион тоннадан аслам пахта шийки заты жетистирилмекте. Бул мәмлекеттеги жәми пахта өниминиң 90 проценттен асламын қурайды.

Ишкериде толық өзин ақлаған тәжирийбе енди сыртта – Әзербайжанда да өз шеңберин кеңейтеди.

Абдулазиз РУСТАМОВ,

ӨзА