Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша биринши ярым жыллықта әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Жаӊа қурылыс жойбарларында исбилерменлер электр ҳәм газ тәмийнатына жалғаныўы ушын техникалық шәртлер алыў системасын санластырыў ўазыйпасы қойылды.

Онда тармаққа жалғаныў орнын инсан факторысыз автоматласқан тәризде сайлаў системасы енгизиледи.

Быйылғы инвестиция бағдарламасына 1 мыӊ 896 жойбарға 20,5 триллион сум ажыратылды.

Бирақ, жылдыӊ ярымы өткен болса-да, 824 миллиард сумлық 88 жойбарда қурылыс жумыслары басланбағаны көрсетип өтилди ҳәм жуўапкерлерге артта қалыўшылықты сапластырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Әсиресе, 147 емлеўхананы медициналық үскенелер менен тәмийинлеў, 80 поликлиника ҳәм 67 емлеўханада , 618 мектеп ҳәм бақшада қурылыс жумысларын белгиленген мүддетте жуўмағына жеткериў щәрт екени ҳаққында жуўапкерлер қатаӊ ескертилди.

ӨзА