Өзбекстан ҳәм Қазақстан: парламентлераралық байланыслар әмелий мазмун менен байытылады

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Парламентлераралық Ассамблеясы Кеңесиниң мәжилисинде қатнасыў ушын Санкт-Петербург қаласында әмелий сапар менен болып турған Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Қазақстан Республикасы Парламенти Сенатының Баслығы Маулен Ашимбаев пенен ушырасты.
Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы қатнасықлар еки мәмлекет жетекшилериниң ашық, өз-ара исенимге тийкарланған сөйлесиўи ҳәм исенимли ерк-ықрары себепли дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық дәрежесинде раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Сөйлесиў ўақтында парламентлераралық байланысларды әмелий мазмун менен және де байытыў мәселелери тәреплердиң дыққат орайында болды.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан Сенатлары арасындағы парламентлераралық Комиссияның гезектеги мәжилисин өткериў ҳәм бирге ислесиўге байланыслы жаңа «Жол картасы»н ислеп шығыўға келисип алынды.
Дос мәмлекетлер ҳәм туўысқан халықлар арасындағы бирге ислесиў буннан былай да өз-ара ҳүрмет ҳәм бир-бириниң мәплерин есапқа алыў принциплерине тийкарланған ҳалда конструктивлик тәризде раўажланыўына үмит билдирилди.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы