Өзбекстан парламенти делегациясы BRIСSтиң Х парламент форумында қатнасты

620

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенати Баслығы Т.Норбоева басшылығындағы Өзбекстан парламенти делегациясы Санкт-Петербург қаласында өткерилген BRIСSтиң Х парламент форумының «Гуманитарлық ҳәм мәдений тараўларда парламентлераралық бирге ислесиў» темасындагы жалпы мәжилисинде қатнасты.

Илажда илим, билимлендириў, туризм, көркем өнер ҳәм мәденият, жас парламент ағзалары менен ислесиў тараўларында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Жалпы мәжилисте Өзбекстан делегациясы журтымызда билимлендириў, мәденият, туризм тараўларына қаратылып атырған итибар, ерисилген жоқары нәтийжелер ҳаққында толық мағлыўмат берип өтти.

Форум қатнасыўшылары илим, билимлендириў, мәденият ҳәм туризм тараўларын раўажландырыў, гендер теңлигин тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарында өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелерин додалады.

Илаж жуўмағында Х Парламент форумының биргеликтеги декларациясы қабыл етилди.

Н. Абдураимова, ӨзА