Өзбекстанның карбонсызландырыў потенциалы додаланды

650

Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайында «Өзбекстанның төмен углеродлы раўажланыў имканиятлары: сценарийлер, ақыбетлер, келешектеги изертлеўлер» атамасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Илажда Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы, Франция раўажланыў агентлиги (AFD) ҳәм Азияда турақлы инфраструктура бағдарламасы (SIPA), министрликлер ҳәм уйымлар, илимий-изертлеў институтлары, университетлер, халықаралық шөлкемлердиң жуўапкерлери, илимий топарлардың ўәкиллери ҳәм басқа да экспертлер қатнасты.

Бул дөгерек сәўбети 2022-жылдың ноябрь айында Президентимиздиң Парижге сапары шеңберинде қол қойылған 2023-2025-жылларға мөлшерленген «Жасыл экономика» ҳәм «Экономикада карбонат ангидрид тасландыларын қысқартыў» бағдарларындағы Бирге ислесиў бағдарламасын иске қосыў мақсетинде өткерилди.

Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайының директоры Обид Ҳакимов Өзбекстан экономикасында углерод потенциалын төменлетиў мақсетинде әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берди.

– Өзбекстан Орайлық Азия регионында ең тез раўажланып атырған экономикалардан бирине ийе болып, СО2ниң экономика көлемине ҳәм халықтың санына салыстырғанда көп эмиссиялаўшы мәмлекетлерден есапланады. «Жасыл экономика»ға өтиў ҳәм климаттың өзгериўине қарсы гүресиў, оның унамсыз ақыбетлерин жумсартыў, атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳәм жасыл майданларды кеңейтиў Өзбекстанда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс тараўында алып барылып атырған реформалар шеңбериндеги тийкарғы ўазыйпаларға айланды, – деди Обид Ҳакимов.

Илажда келтирилген мағлыўматларға қарағанда, кейинги 30 жыл ишинде регионымызда ҳаўа температурасы Цельсий бойынша 1,5 дәрежеге көтерилген. Бул болса дүнья жүзи бойынша орташа көрсеткиштен еки есеге көбирек (0,7 дәреже). Соның менен бирге, прогнозларға қарағанда, 2050-жылға келип температура және 1,6-2,6 дәрежеге көтерилиўи мүмкин.

Жәҳән банкиниң прогнозларына қарағанда, климаттың өзгериўине бейимлесиў илажлары көрилмесе, Өзбекстан экономикасы 2050-жылға барып 10 процентке қысқарады. Бул болса халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматлардың сезилерли дәрежеде төменлеўине алып келеди.

Солай етип, Бирге ислесиў бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан экономикасында углерод потенциалын азайтыў имканиятларын баҳалаў, заманагөй аналитикалық усыл ҳәм қуралларды қолланыў, сондай-ақ, экономиканың углерод потенциалын азайтыў бойынша дүнья жүзи тәжирийбесин үйрениў күтилмекте. Бул бағдарламаның әмелге асырылыўы Өзбекстанның экологиялық таза ҳәм аз углеродлы раўажланыў моделине өтиўине хызмет етеди.

Дөгерек сәўбети шеңберинде экспертлер тәрепинен мәмлекетимизде экономика тармақлары бойынша тасландылардың тийкарғы дәреклери энергетика тармағы, аўыл хожалығы, санаат ҳәм шығындылар екени атап өтилди.

Тасландылардың ең үлкен дәреклери газ ҳәм нефтьтен метан шығыўы, электр ҳәм ыссылық энергиясынан шығатуғын СО2, санаат секторынан шығатуғын СО2, соның ишинде, қурылыс, шарўашылық ҳәм турақ жай секторынан шығатуғын СО2 есапланады.

Атап айтқанда, Өзбекстан экономикасында СО2 тасландыларын қысқартыўға қаратылған илажлардың әмелге асырылыўы Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм «жасыл» өсиўди қоллап-қуўатлаўға жәрдем береди. Бул Өзбекстан ҳүкимети ҳәм Жәҳән банки ҳәм Халықаралық валюта қоры сыяқлы халықаралық қаржы институтлары ушын әҳмийетли тийкарғы бағдарлар болып есапланады.

Өзбекстанның карбонсызландырыў процесслерин жеделлестириў бойынша тийкарғы қәдемлеринен бири энергетика базарын либералластырыў екени атап өтилди. Бул энергияны үнемлеўге жәрдем береди ҳәм жеке меншик секторға қайта тикленетуғын энергия дәреклерине инвестиция киргизиў ушын қолайлы орталық жаратады.

Соның ишинде, 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясына муўапық, Өзбекстан 2030-жылға барып 2010-жылға салыстырғанда жалпы ишки өним бирлигине туўра келетуғын СО2 эмиссиясын 35 процентке азайтыўды өз алдына мақсет етип қойған.

Илажларда бул машқалалар кеңнен додаланып, пикир-усыныслар билдирилди. Ҳүкимет ўәкиллери, экспертлер ҳәм илимпазлардың пикирлерин жыйнаў арқалы машқаланың түрли жақлары ҳәр тәреплеме үйренип шығылды.

Қатнасыўшылар тәрепинен алға қойылған усыныслар келешекте әмелге асырылатуғын реформалар ушын әҳмийетли тийкар болып хызмет етеди.

Илаж жуўмағында түрли мәпдар тәреплер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў арқалы Өзбекстанда карбонат ангидрид газлери тасландыларын қысқартыў бойынша Ҳәрекетлер режесин ислеп шығыўға қарар етилди.

Моҳигул Қосимова, ӨзА