Президент Шавкат Мирзиёев Жиззақ ўәлаятындағы «BYD Uzbekistan Factory» заводында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалар ҳаққындағы есабат пенен танысты.
Бул кәрхана усы жылы 27-июнь күни мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында иске қосылған еди. Ол BYD жеңил автомобильлерин ислеп шығарыўшы Қытайдан тысқарыдағы дәслепки завод болды.
Бүгинги күнде BYD жаңа энергия дәреклеринде ҳәрекетлениўши автомобильлер – электромобиллер ҳәм гибридлерди ислеп шығарыў ҳәм сатыў бойынша дүнья жүзинде жетекши компания есапланады. Ол ең жақсы технологиялық база, инновациялық шешимлер ҳәм сапа қадағалаўы системаларына ийе.
Өзбекстанға бундай ири компанияның кирип келиўи, бәринен бурын, мәмлекеттеги тартымлы инвестициялық орталық ҳәм сиясат, сондай-ақ, автомобиль қурылысы тараўында инженер кадрлар, өндирис базасы, шийки зат ҳәм логистика потенциалының бар екенине байланыслы.
«Өзавтосанаат» акционерлик жәмийети басқарма баслығы усы инвестициялық жойбардың дәслепки нәтийжелери ҳәм оны кеңейтиўге қаратылған режелер ҳаққында мәлимлеме берди.
Атап өтилгениндей, толық өндирис процесин иске қосыў шеңберинде Өзбекстан кәрханалары тәрепинен пластик бөлеклер, айналар, бамперлер, дисклер ҳәм басқа да көплеген компонентлер ислеп шығарылыўы бойынша BYD сапа системасына сәйкес келиўи ушын таллаў өткерилди.
Халықтың жеңил автотранспорт қуралларына болған талабын қанаатландырыў ҳәм олардың түрлерин кеңейтиў мақсетинде қытайлы бирге ислесиўшилер менен В, С ҳәм бюджет автомобильлерин ислеп шығарыў бойынша келисимлерге ерисилди. Олардың биринши үлгилери қытайлы бирге ислесиўшилер тәрепинен заманагөй стандартластырыў системасы сынақларын өткериў ушын лабораторияларға тапсырылды.
Сондай-ақ, заманагөй технология ҳәм стандартларды тек ғана өндирис емес, ал саўда, сервис ҳәм кепиллик бағдарларында да енгизиў мәселеси әҳмийетли болып қалмақта. Бул сапасыз өним шығарылыўының алдын алады ҳәм автотранспортқа жоқары сапалы сервис ҳәм кепилликли хызмет көрсетилиўин тәмийинлейди.
BYD менен бирге ислесиў жергиликли кадрларды таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўды да өз ишине алады. Жиззақтағы «BYD Uzbekistan Factory» компаниясына маман қәнигелерди тартыў мақсетинде Жиззақ политехника институты ҳәм Ташкенттеги Турин политехника университети менен биргеликте жоқары маман қәнигелерди оқытыў бойынша инженерлик оқыў орайын шөлкемлестириў режелестирилген.
Презентацияда өндирис көлемин белгиленген көрсеткишлерге жеткериў ҳәм локализациялаў процесин жеделлестириў илажлары көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы «BYD Uzbekistan Factory» биргеликтеги кәрханасының қуўатлылықларында ислеп шығарыўды жеделлестириў, бирге ислесиўдиң кейинги басқышлары бойынша стратегия ислеп шығыў, келешекте өндирис қуўатлылықларын жыллық 500 мың данаға жеткериў ҳәм экспорт базарларына шығыў бойынша анық ўазыйпаларды қойды.
ӨзА