Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитети мәжилисинде конституциялық реформалар нәтийжесинде ислеп шығылған нызамларды додалаў болып өтти.
Мәжилисте “Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында”ғы конституциялық нызам додаланды.
Министрлер Кабинети статусы, оны қәлиплестириў ҳәм жумысын тәртипке салыў мәселелери тиккелей Конституцияда беккемленген нормаларға тийкарланады ҳәм бул нызамның тийкарғы қағыйдалары усы нормалардан келип шыққан.
Сол себепли “Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында”ғы нызамды конституциялық нызам түринде қабыл етиў усыныс етилмекте.
Додалаў даўамында бул нызамның қабыл етилиўи Министрлер Кабинети жумысын шөлкемлестириўдиң сапасы жағынан жаңа, нәтийжели усылларын ҳәм заманагөй механизмди енгизиў ҳәм Ҳүкимет ағзаларының мәмлекетлик сиясатты жүргизиў ҳәм бириктирилген тараўларда анық нәтийжелерге ерисиў жолындағы жеке жуўапкершилигин арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Сенаторлар инсан ҳуқықларын исенимли қорғаў менен байланыслы бир қатар өзгерислердиң Конституцияға киргизилиўи әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлерин қайта көрип шығыўды талап етип атырғанын айтып өтти.
Бул бағдарда жаңаланған Конституцияның 19-статьясында белгиленген нормадан келип шығып, жәми 26 нызам ҳүжжети (6 кодекс ҳәм 20 нызам ) нормалары муўапықластырылып атырғанлығы атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.
ӨзА