Сенатта Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ) бас директоры менен ушырасыў өткерилди

633

Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева елимизде әмелий сапар менен болып турған Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ) бас директоры Жильбер Унгбо менен ушырасыў өткерди.

Жильбер Унгбо ХМШтыӊ Өзбекстан менен нәтийжели бирге ислесиўин жоқары баҳалады ҳәм мәмлекетти шөлкемниӊ Ҳәкимшилик Кеӊеси ағзалығына сайланғаны менен қутлықлап, Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ күшли сиясий ерк-ықрары ҳәм тилеги себепли мәмлекет үлкен раўажланыўға ерискенин айрықша атап өтти.

Өзбекстанда мүнәсип мийнет бойынша 2021-2025-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама шеӊберинде әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ нәтийжелери дүньяныӊ көп мәмлекетлери ушын үлги болатуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, Халықаралық мийнет шөлкеминиӊ 112-сессиясында белгиленген ўазыйпалар ҳәм Турақлы раўажланыў мақсетлериниӊ әҳмийетли бағдарларынан келип шыққан ҳалда 2026-2030-жыллар ушын Мүнәсип мийнет бағдарламасы жойбарын ислеп шығыў бойынша пикир алысты.

Сәўбет жуўмағында мийнет тараўында гендер айырмашылықты азайтыў ҳәм кемситиўге қарсы гүресиў, имканияты шекленген шахслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, олар ушын қолайлы ҳәм мүнәсип шараятларды жаратыў бағдарында бирге ислесиўди және де раўажландырыўға келисип алынды, деп мәлимлеме береди сенат.уз

Қарақалпақстан хабар агентлиги