Сенаттыӊ елиў төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады

Бүгин, 2024-жыл 10-июль күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатыныӊ елиў төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилисте Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардыӊ басшылары, ғалаба хабар қуралларыныӊ хызметкерлери қатнаспақта.
Видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған халда өткерилип атырған мәжилис күн тәртибине бир қатар нызамлар ҳәм басқа мәселелер киргизилген.
Атап айтқанда, сенаторлар “Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы, “Халықтыӊ бәнтлиги ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы ҳәм “Өзбекстан Республикасыныӊ Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине пиротехника буйымларыныӊ нызамға қайшы айланысы ушын жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылған өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызамларды көрип шығады.
Сондай-ақ, “Ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятлардыӊ алдын алыў бойынша қосымша илажлар қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ Жынаят кодексине ҳәм Өзбекстан Республикасыныӊ Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам да додаланады.
Соныӊ менен бирге, “Қала қурылысы жумысы тараўындағы мәмлекетлик басқарыў ҳәм елатлы пунктлердиӊ қала қурылысы ҳүжжетлерин ислеп шығыў системасы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ Қала қурылысы кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы, “Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамына бажыхана брокери жумысын ҳәм халықаралық курьерлик жөнелтпелерди жеткерип бериў бойынша жумысты жетилистириўге қаратылған қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамлар итибар орайында болады.
Мәжилис күн тәртибинен “Фитосанитария талаплары жеӊиллестириўи мүнәсибети менен “Өсимликлер карантини ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасыныӊ нызамына қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы, “Ҳәкимшилик реформалар шеӊберинде билимлендириў тараўында мәмлекетлик басқарыўдыӊ жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасыныӊ айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамлар да орын алған.
Буннан тысқары, жалпы мәжилисте Түркменстан ҳәм Түркия менен дүзилген келисимлерди ратификациялаў ҳаққындағы нызамлар көрип шығылыўы режелестирилген.
Сенат ағзалары Ташкент қаласында исбилерменликти раўажландырыў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша әмелге асырылған жумысларды додалайды, қорғалатуғын тәбийғый аймақлардыӊ сапа қурамын жақсылаў, өсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньясын қәстерлеп-сақлаў ҳәм кадастрды жүргизиў жағдайы бойынша ҳүкиметке жиберилген парламент сораўы нәтийжелерин ҳәм өзин-өзи бәнт етиў тәртибинде мийнет етиўин әмелге асырыўдыӊ айырым мәселелери бойынша Министрлер Кабинетине парламент сораўын жибериў мәселесин көрип шығады.
Н.Абдураимова,
Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА