Бос жер участкаларынан нәтийжели пайдаланылады

595

Усы жылдың 8-июль күни  “Аймақлардың экономикалық потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм бос жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық төмендегилер тастыйықланды:

-Урбанизациялаў процесcлерин жеделлестириў, қалалар ҳәм районлардың орайларын раўажландырыў ҳәм  агломерация аймақларын шөлкемлестириўге қаратылған мастер-режелер ислеп шығылатуғын районлар ҳәм қалалар дизими;

-Халық ҳәм саяхатшылар ушын барлық қолайлықларға ийе туризм орайларын шөлкемлертириўге қаратылған мастер-режелер ислеп шығылатуғын районлар ҳәм қалалар дизими;

-Германия халықаралық бирге ислесиў шөлкеми (GIZ) менен биргегеликте комплексли экономикалық раўажландырыўға қаратылған мастер-режелер ислеп шығылатуғын районлар дизими;

Халықтың талабынан келип шығып көп қабатлы ҳәм жеке тәртиптеги турақ жайлар комплекслерин шөлкемлестириў мастер-режелердиң тийкарғы бағдарларынан бири етип белгиленди.

2024-жылы 1-августтан усы жылдың ақырына шекем белгиленген мастер-режелерге муўапық заманагөй хызмет көрсетиў комплекслери ҳәм сервис обеъктлерин, соның ишинде, жайластырыў қураллары, турақ жайлар, саўда-кеўил ашар орайларын шөлкемлестириў ушын мастер-реже аймағындағы жер участкалары аукцион саўдаларына шығарылады.

ӨзА