Өткен екшемби күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик уинверситетинде, Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында, Нөкис қаласындағы ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика спорт мектебинде ажыратылған арнаўлы жабық залда Президент мектебине кириў имтиханларының биринши басқышы болып өтти.
Быйылғы жылы Президент мактебине 3 мың 135 арза келип түскен болса, соннан 2 мың 715 оқыўшы кириў имтиханында қатнасты.
– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 27-майдағы “Президент, дөретиўши, қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернатларына оқыўшыларды таңлап алыў ҳәм қабыл етиў тәртибине байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарына ҳәм Министрлер Кабинети мәжилисиниң усы жыл 16-апрельдеги “2024/2025 – оқыў жылы ушын Президент мектеплери, қәнигелестирилген мектеплер, мектеп-интернатлар ҳәм дөретиўши мектеплерге оқыўшылардың ҳүжжетлерин қабыл етиў ҳәм кириў имтиханларын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы протоколы тийкарында Агентлик системасындағы мектеплерге оқыўшыларды қабыллаў әмелге асырылды, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң қәнигелестирилген мектеплердиң жумысын муўапықластырыў секторының басшысы Байрамбай Хамидуллаев. – Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасында бүгинги күни 14 қәнигелестирилген мектеп, 3 қәнилестирилген мектеп-интернат жумыс алып бармақта. Быйылғы жылдан баслап Муҳаммед әль-Хорезмий атындағы таяныш қәнилестирилген мектебиниң Нөкис филиалы ашылды.
Агентлик системасындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге кириў имтиханларын 5 жабық имаратта өткериў белгиленген. 2024-2025-оқыў жылы ушын бул мектеплерге 16 мың 537 , соннан Президент мектебине 3 мың 135, дөретиўшилик мектебине 398, таяныш қәнигелестирилген мектеплерине 3 мың 686, қәнигелестирилген мектеплерге 9 мың 235 арза келип түсти. Президент мектебине келип түскен арзалар бойынша бир орынға орташа 134 ҳүжжет, И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектепке бир орынға 10 ҳүжжет, қәнигелестирилген мектеплерге бир орынға 8 оқыўшыдан туўра келмекте. Қәнигелестирилген мектеплерге қабыл етиў бойынша ең жоқары көрсеткиш Нөкис қаласындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатына 1 мың 503 ҳүжжет қабыл етилип, бир орынға 23 оқыўшыдан туўра келди. Сондай-ақ Муҳаммед әль-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектеби Нөкис филиалына 3 мың 686 ҳүжжет келип түскен болса, бир орынға 16 оқыўшыға туўра келмекте.
Агентликтиң республикамыздағы қәнигелестирилген мектеплерине кириў имтиханлары усы жылдың 4-, 5, 6-июль күнлери, Президент мектебине 1-басқыш кириў имтиханы 7-июль күни болып өткен болса, таяныш қәнигелестирилген мектеплериниң кириў имтиханлары 9,10-июль күнлери, дөретиўшилик мектебиниң 3-басқыш имтиханы 10-июль күни, Президент мектебиниң 2-басқыш кириў имтиханы болса 26-июль күни өткерилиўи режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги