ШБШ. Тарийх, мақсет ҳәм раўажланыў

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Астана қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси ҳәм “ШБШ плюс” форматындағы ушырасыўда қатнасады.
Қазақстан жетекшиси Қасым-Жомарт Тоқаев бул конференция соңғы бир неше жыллар ишиндеги ең әҳмийетли жоқары дәрежедеги халықаралық форумлардан бирине айланатуғынына исеним билдирди.

Саммитте Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш те қатнасады.
Тарийх ҳәм бүгин
2004-жылдан берли БМШ Бас Ассамблеясында бақлаўшы статусына ийе ШБШ тарийхы 1996-жылдан басланады. Дәслеп Россия, Қытай, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан тәрепинен “Шанхай беслиги” атамасы менен жумыс баслаған структура жыллар даўамында қатарын кеңейтип барды.

2000-жылы Шанхай беслиги Шанхай форумына айландырылды ҳәм Өзбекстан саммитинде бақлаўшы сыпатында қатнасты. 2001-жылы Өзбекстан рәсмий шөлкемге қосылғаннан соң, структураның аты Шанхай бирге ислесиў шөлкеми (ШБШ)не өзгертилди. Арадан бир жыл өтип, мәмлекет басшылары қатнасыўындағы Санкт-Петербург саммитинде шөлкемниң мақсети, принципи, структурасы ҳәм тийкарғы жумыс бағдарларын белгилеп бериўши Реже тастыйықланды. Ҳәзирги күнде ШБШның тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленген.
қатнасыўшы мәмлекетлер арасында өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылықты беккемлеў;
-сиясий, саўда-экономикалық, илимий-техникалық, мәдений ҳәм басқа тараўларда нәтийжели бирге ислесиўге жәрдемлесиў;
-регионда тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты биргеликте тәмийинлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў;
-демократиялық, әдил, ақылға уғрас жаңа халықаралық сиясий ҳәм экономикалық тәртипти жаратыў жолында раўажланыўға ерисиў;
Транспорт инфраструктурасын жетилистириў, энергетика, телекоммуникация, нефть ҳәм газ, аўыл хожалығы, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў жумыстың тийкарғы бағдарларының бири есапланады.

ШБШның турақлы жумыс алып барыўшы уйымларынан бири, 2022-жылы шөлкемлестирилген Регионаллық контртеррор структурасы резиденциясы Ташкентте жайласқан. Бул структураның мақсети терроризм, экстремизм ҳәм сепаратизмге қарсы гүресте тәреплердиң ўәкилликли уйымларының жумысын муўапықластырыў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўден ибарат.
Әҳмийетли келисимлер
Мәмлекет басшылары кеңесиниң 2005-жылы болып өткен мәжилисинде Азияның үш ири мәмлекети –Ҳиндстан, Иран, Пакистанға бақлаўшы статусын бериў ҳаққында қарар қабыл етилген еди. Монголия бул ўәкилликти 2004-жылы қолға киргизген. Өткен дәўирде географиялық жақтан кеңейген ШБШның халықаралық абырайы сезилерли дәрежеде артты. 2007-жылы ШБШ мәмлекетлери арасында Узақ мүддетли жақсы қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды. 2009-жылы Шри-ланка ҳәм Беларусқа сөйлесиў бойынша шериклик статусы берилди. 2012-жылы мәмлекет басшылары Узақ мүддетли тынышлық ҳәм улыўма абаданлық регионын қурыў ҳаққындағы декларацияны қабыл етти. Сол жылы Аўғанстан бақлаўшы статусына ийе болды, Түркия болса сөйлесиў бойынша бирге ислесиўшиге айланды. 2014-жылы Ҳиндстан ҳәм Пакистан Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза болыў ушын рәсмий арза берди, 2015-жылы мәмлекет басшылары тәрепинен бул еки үлкен мәмлекетти қабыл етиў тәртибин баслаў ҳаққындағы қарар мақулланды. Сондай-ақ, Беларусьқа бақлаўшы, Әзербайжан, Армения, Камбоджа ҳәм Непалға сөйлесиў бойынша шерик статусын бериў ҳаққындағы қарарларға қол қойылды.
2017-жылы июнь айында Астана қаласында болып өткен ШБШға ағза мәмлекет басшылары кеңесиниң тарийхый мәжилисинде Ҳиндстан ҳәм Пакистан шөлкемге қосылды.
2022-жылы январь айынан баслап ШБШ Бас хаткери Чжан Мин (ХХР), РКТШ атқарыўшы директоры болса Руслан Мирзаев (Өзбекстан) есапланады. 2023-жылы июль айынан ҳәзирге шекем Қазақстан ШБШға басшылық етип келмекте. Орнатылған тәртипке бола, басшылық бир жыл даўамында әмелге асырылады, жоқары дәрежедеги конференция жуўмағынан басланып, Кеңестиң басшылық етиўши аймақта өткерилетуғын мәжилиси менен жуўмақланады.
ШБШ шегаралары
Евроазия аймағының 65 процентин қурайтуғын ШБШ мәмлекетлериниң улыўмалық аймағы 35 миллион квадрат километрден артады. Ағза мәмлекетлердиң халқы жәми 3,5 миллиардқа шамалас.
Ҳәзирги күнде ШБШға рәсмий 9 мәмлекет ағза: Қазақстан, Ҳиндстан, Иран, Қытай, Қырғызстан, Пакистан, Россия, Тәжикстан, Өзбекстан. Астана саммитинде Беларусь та толық түрде, тарийхый 10-ағзаға айланады.
Тарийхый дәўир
Шанхай бирге ислесиў шөлкеми биринши гезекте регион қәўипсизлигин беккемлеў мақсетинде дүзилген. Шегаралардың тынышлығы, абаданлық ҳәм экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў, соның ишинде, жаңа темир жоллар, қурғақлық портларын жаратыў, “Хоргос” сыяқлы халықаралық шегаралас бирге ислесиў орайларын ашыў ҳәм басқа улыўма инфраструктураны жетилистириўге қаратылған көплеген жойбарларды әмелге асырыў жумыстың тийкарғы бағдарлары болып есапланады. Қәнигелердиң пикиринше, дүнья жәмийетшилигиниң шөлкемге қызығыўшылығы жыл сайын артып бармақта.
ӨзА