Рәсмий белги ҳәзирги күнге шекем әмелде болған ОСК эмблемасы орнына енгизилди.

Бул ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясының 2024-жыл 2-июльдағы гезектеги мәжилисинде тийисли қарар қабыл етилди, деп хабар берди комиссияның баспасөз хызмети.

Атап өтилиўинше, Қарар менен Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий белгисиниң үлгиси ҳәм классификациясы, сондай-ақ, оннан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы реже де тастыйықланған.

Орайлық сайлаў комиссиясының ҳәкимшилик имараты, тийисли үскенелери, рәсмий веб-сайты, социаллық тармақлардағы бетлери, мобиль қосымшалар ҳәм басқа да орынларда пайдаланып атырған ески үлгидеги эмблеманы жаңа үлгидеги рәсмий белгиге өзгертиў басқышпа-басқыш әмелге асырылады.

Орайлық сайлаў комиссиясының жаңа үлгидеги рәсмий белгисинен басқа да шөлкемлер пайдаланыўы ушын оның электрон формалары рәсмий веб-сайтына жайластырылған.

ӨзА