Аўғанстан делегациясының елимизге сапары шеңберинде инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов сол мәмлекеттиң санаат ҳәм саўда министри Нуриддин Азизий менен ушырасты.

Тәреплер саўда-экономикалық ҳәм қаржылай бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм биргеликтеги ири инфраструктура жойбарларын ҳәр тәреплеме көрип шықты.

Өз-ара товар алмасыў муғдарын арттырыў, шегара алды саўда зоналарының жумысын күшейтиў, қаржылай бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша анық илажлар белгиленди.

Бүгин пайтахтымызда 250 ден аслам аўғанстанлы исбилерменлердиң қатнасыўында биргеликтеги бизнес-форум болып өтеди. Илажда қоңсы мәмлекеттиң зергерлик, тоқымашылық, азық-аўқат, электротехника, таў-кән санааты, транспорт ҳәм логистика сыяқлы тараўларда жумыс ислеп атырған 75 ири компаниясының өнимлери көрсетиледи.

Сөйлесиўде “Made in Afghanistan” көргизбесиниң шөлкемлестириў мәселеси де додаланды.

Ушырасыў жуўмағында Аўғанстан Санаат ҳәм саўда министрлиги менен биргеликте өткерилип атырған илажлар еки мәмлекет исбилермен топарларының бирге ислесиўин сезилерли дәрежеде жақсылаў, товар айланысын теслестириў, өз-ара пайдалы жаңа басламаларды баслаўға орай тийкар жарататуғыны атап өтилди.

                                                                                                                   ӨзА