Өзбекстан абырайлы халықаралық структура- ислам бирге ислесиў шөлкеми (ИБШ) менен турақлы бирге ислесип келмекте. Ҳәзирги ўақыттағы өз-ара қатнасықлар болса улыўма жаңа басқышқа көтерилди.

Бул Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығы Танзила Норбоеваның мәмлекетимизде әмелий сапар менен болып турған Ислам бирге ислесиў шөлкеми Бас хаткери Ҳусайн Иброҳим Тоҳа менен ушырасыўында атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме байланыслардың бүгинги жағдайы ҳәм  оларды барлық бағдарларда және де кеңейтиў мәселелери додаланды.

Тәреплер билимлендириў, илим, инновациялар, мәденият ҳәм климат өзгериўи мәселелеринде  ИБШның турақлы комитетлери ҳәм жәрдемши структуралары менен бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша пикир алысты.

Ҳусайн Иброҳим Тоҳа “Хийўа -2024 – жылы Ислам дүньясының туризм пайтахты ” халықаралық илажына таярлық процесслерин жоқары баҳалады. Бул, өз гезегинде, Ислам дүньясы, оның  руўхый-мәдениятына үлкен үлес қосқан Өзбекстаннан жетилисип шыққан уллы илимпазлардың илимий мийрасын және де кеңнен үгит-нәсиятлаўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Ушырасыўда пайтахтымызда қурылып атырған Ислам цивилизациясы орайы ҳәм ИБШның Стамбулдағы Ислам тарийхы, көркем өнер ҳәм мәденияты изертлеўлери орайы арасында тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўға ҳәм басқа бағдарларда байланысларды беккемлеўге келисип алынды.

ӨзА