Топырақтыӊ өнимдарлығын арттырыў системасын жетилистириў мүнәсибети менен Ҳүкиметтиӊ айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи

713

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Топырақ өнимдарлығын арттырыў системасыныӊ жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметтиӊ айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында ” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниӊ айырым қарарларына төмендеги өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи:

топырақтаныўшылық бағдарындағы жумысты бирден-бир системада әмелге асырыў ҳәм оныӊ ашық-айдынлығын тәмийинлеў;

аўыл хожалығы жерлериниӊ агрохимиялық жағдайы ҳаққындағы мәлимлемелерден пайдалыныўдыӊ нәтийжелилигин арттырыў ҳәм оларды топыраққа тийисли мағлыўматлар фондында сәўлелендириў;

нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердеги сәйкес келмеўшиликти сапластырыў.

                                                                                                              ӨзА