Британия Кеӊеси ҳәм Өзбекстан Мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў қоры ўәкиллери арасында Келисим меморандумына қол қойылды.

Ҳүжжеттиӊ статьяларына муўапық, тәреплер  IV Пүткил жер жүзилик креативлик экономика конференциясы шеӊбериндеги бирге ислесиўди кеӊейтеди.

Қор ҳәм Британия Кеӊеси мәмлекетимиздеги дөретиўшилик санаат тармақларында алып барылған изленислерди алмасыў, “CreateVillage” ушын баянатшы ҳәм дөретиўшилерди хошаметлеў, тартыў үгит-нәсиятын қоллап-қуўатлаў, әнжуман даўамында дөретиўшилик билимлендириў менен байланыслы өз алдына филиалларды шөлкемлестириўге де келисип алды.

Конференцияныӊ мәдений бағдарламасына Британия Кеӊесиниӊ Орайлық Азиядағы бирге ислесиўши кәсиплеслер тармағы илажы шеӊберинде ислеп шығылған дөретиўшилик саяхатлар, сондай-ақ, Кеӊестиӊ Өзбекстандағы жумысы ҳәм Уллы Британия креативлик санаат потенциалын көрсетиўши интерактив монитор шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

Британия Кеӊеси IV Пүткил жер жүзилик креативлик экономика әнжуманыныӊ билимлендириў бойынша бирге ислесиўшиси сыпатында баслама көрсетеди

ӨзА