Өзбекстан Республикасы Президенти «Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде халықтың бизнес басламаларын қаржыландырыўды жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында» қарар қабыл етти.
Оған муўапық, 2024-жыл 1-апрельден баслап бағдарламалар шеңберинде кредитлер өзин-өзи бәнт еткен физикалық тәреплерге (тийкарғы жумыс орнына ийе шахслар буған кирмейди):
а) 33 миллион сумға шекем, бир жылдан кейин усы қарыз алыўшының исбилерменлик жумыс нәтийжелилиги, қарыздың мақсетли жумсалғаны ҳәм зәрүрликке қарап топар кепиллиги (кеминде 3 пуқара) менен қосымша 50 миллион сумға шекем револьвер тийкарында;
б) бул кредитлерден қыйтақ жерди раўажландырыўдың бир неше бағдарларында (қусшылық, қояншылық, шарўашылық, пал-ҳәррешилик, балықшылық ҳәм ықшам ыссыхана) пайдаланыўы ушын;
в) жер майданы 10 сотихтан аслам болған қыйтақ жер ийелерине ҳәм ижарашыларға 50 миллион сумға шекем гиреўсиз;
г) 10 сотихли ықшам ыссыханаларды қурыў ҳәм балықшылық жумысын шөлкемлестириў ушын 100 миллион сумға шекем гиреўсиз ажыратылады.
Онда:
Шарўашылықты раўажландырыў бағдарында кредитлер район (қала)лық ветеринария бөлими тәрепинен идентификацияланған (биркалаў усылы) ҳәм ҳақыйқаттан жеткерип берилген шарўа малларын (қарамал, қой, ешки) сатып алыўға;
халықтың қыйтақ жеринде бизнести жолға қойыў ушын өзлериниң ишки имканиятларынан пайдаланған ҳалда исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетиндеги халыққа ыссыхана қурыў, шарўа малларын бағыў, қыйтақ жерге мәўсимлик егинлер егиў ушын кредитлер бириктирилген банк ҳәм ҳәким жәрдемшисиниң усы илажлардың әмелге асырылыўы бағдарында кепиллиги тийкарында нақ пулда берилиўи мүмкин.
Мәҳәллеге бириктирилген банк ҳәм ҳәким жәрдемшиси мәҳәлледеги кредитлер есабынан әмелге асырылып атырған шаңарақлық исбилерменлик жойбарларының нәтийжелилиги ушын теңдей мәпдар ҳәм жуўапкер болады.
2024-жыл 1-июльдан баслап мәҳәллелерде бағдарламалар шеңберинде ажыратылған кредитлерден мақсетли пайдаланыў мониторинги ҳәм олардың нәтийжелилигин баҳалаў механизми енгизиледи.
ӨзА