Кейинги 4 ай даўамында мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын кеңейтиў, экспорт етиўши шөлкемлерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, бәсекиге шыдамлы экспорт өнимлерин ислеп шығарыўдың көбейтилиўин хошаметлеў бойынша Президентимиз тәрепинен алты рет экспортқа бағышланған мәжилис өткерилди.
Бул мәжилислерди өткериўден мақсет-республикамызда ислеп шығарылған қосымша қунға ийе болған өнимлердиң сырт мәмлекетлерге экспорты көлеминиң артыўы болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды әмелиятқа енгизиў, раўажланған мәмлекетлерге «Made in Uzbekistan» белгиси астында мәмлекетимизде ислеп шығарылған өнимлердиң экспорты көлемин арттырыў мақсетинде усы жылдың 29-март күни Өзбекстан Республикасының Корея Республикасы аймағындағы биринши Саўда үйи Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен жүргизилетуғын Өзбекстан Республикасы юридикалық шахслары тәрепинен сырт елде дүзилген шөлкемлер реестрине QK-A/ 1096-саны менен киргизилди.
Бул Саўда үйи жанында көргизбе залы сыпатында турақлы жумыс алып баратуғын «шоу-рум» ашыў да режелестирилген. Онда жергиликли ислеп шығарыўшылардың түрли өнимлериниң кең ассортименти – азық-аўқат, мийўе-овощ, тоқымашылық-текстиль, жипек, химия, гүлалшылық өнимлери ҳәм зергерлик буйымлары көрсетиледи.
ӨзА