Ҳүкимет қарары: метан “заправка”ларда сатылып атырған газ баҳаларыныӊ кескин артып кетпеўи белгиленди
504

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2024-жыл 30-март күни қабыл етилген 173-санлы қарары менен метан газ ушын белгиленген еӊ жоқары усақлап сатыў баҳасыныӊ әмел етиў мүддети созылмақта.
Ендигиден былай автомобильлерге газ толтырыў компрессор шақапшаларында тәбийғый газди сатыўда оныӊ еӊ жоқары усақлап сатыў баҳасы 2024-жыл 1-июньға шекем бир метр куб ушын 3 350 сум етип белгиленбекте.
Яғный, 1-апрельден баслап жуўмағына жетиўи керек болған еӊ жоқары уақлап сатыў баҳасы ушын белгиленген мүддет және еки ай даўамында азы-кем өзгерислер менен әмел етеди (алдынғы баҳасы 3 250 сум еди).
ӨзА