Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети «Жол қағыйдалары бузылғанын арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео дизимге алыў программалық-техникалық қураллар арқалы дизимге алатуғын системаны жетилистириў илажлары ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық, 2024-жыл 1-июльдан баслап жол бойынша жайласқан мектеплер алдында, кеминде төрт полосалы жоллардағы пиядалар өтиў орынларында, жол-транспорт ҳәдийселери ошақларында, темир жол кесилиспелеринде арнаўлы автомаластырылған фото ҳәм видео дизимге алыў программалық-техникалық қураллары Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң «Қәўипсиз қала» системаларын раўажландырыў орайы тәрепинен «Қәўипсиз жол ҳәм қәўипсиз пияда» республикалық қорының қаржылары есабынан басқышпа-басқыш орнатылады. Онда:

арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видеоға дизимге алыў программалық-техникалық қураллар Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийетлик қәўипсизлик департаментиниң Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети тәрепинен белгиленетуғын орынларға орнатылады;

арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео дизимге алыў программалық-техникалық қураллар орнатылатуғын орынлар ЖҲҚХ тәрепинен жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўы ҳәм жол-транспорт ҳәдийселериниң талланыўынан келип шығып белгиленеди.

Бул қарар менен Жол бойында жайласқан мектеплер алдында, кеминде төрт полосалы жоллардағы пиядалар өтиў орынларында, жол-транспорт ҳәдийселери ошақларында, темир жол кесиспелеринде арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео дизимге алыў программалық-техникалық қуралларды орнатыў ҳәм эксплуатациялаў тәртиби ҳаққындағы реже де тастыйықланды.

2024-2026-жыллар даўамында «Қәўипсиз қала» концепциясы шеңберинде арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео дизимге алыў программалық-техникалық қураллар мәнзилли дизим тийкарында орнатылып, «Қәўипсиз қала» системаларына интеграцияланады.

ӨзА