Өзбекстан жаслары Нәшебентлик затларлар бойынша комиссия (CND)ныӊ 67-сессиясы шеӊберинде БМШ Жаслар басламалары тәрепинен шөлкемлестирилген жыллық форумда дәселпки мәрте қатнасты.

Илажда дүньяныӊ 27 мәмлекетинен 35 жас қатнасыўшы қатнасып, онда нәшебентликтиӊ алдын алыў ҳәм жаслар саламатлығын беккемлеў бағдарындағы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Өзине тән пикир ҳәм тәжирийбе алмасыў майданына айланған бул әнжуманда мәмлекетимиз ўәкиллери де усы бағдардағы еӊ алдынғы заманласлары менен сөйлесиў арқалы түрли заманагөй концепция ҳәм басламалардан хабардар болды.

БМШтыӊ Нәшебентлик затлар ҳәм жынаятшылық бойынша басқармасыныӊ атқарыўшы директоры Гада Вали жас жетекшилерди бар имканияттан ҳәр тәреплеме нәтийжели пайдаланыўға шақырды. Сиясатты таллаў ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар бөлими директоры Жан-Люк Лемахе де усы илаждыӊ жаслар басламаларын раўажландырыўдағы әҳмийетин айрықша атап өтти.

Улыўма, Турақлы раўажланыў мақсетлерине муўапық және де саламат ҳәм қәўипсиз жәмийет жаратыўға үлес қосып атырған Өзбекстан жаслары енди глобал машқалаларды шешиўде де белсендилик көрсетпекте.

Г.САТТОРОВА,

ӨзА