Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети  Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетинде  “Карьера күни” шөлкемлестирилди.

Онда факультеттиң   Қарақалпақ тил билими, Қарақалпақ әдебияты, Журналистика, Әмелий филология кафедраларының профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары, сондай-ақ, усы тәлим бағдарлары менен бирге ислесип киятырған өндирис орынлары менен мәкеме ҳәм шөлкемлердиң қәнигелери  қатнасты.

Илажды университеттиң оқыў ислери бойынша  проректоры  О.Дүйсенбаев кирис сөз бенен ашып, өндирис орынлары ҳәм шөлкемлердиң қәнигелер таярлаў сапасына болған талапларын тиккелей тәлим мазмунын қәлиплестириў менен шуғылланатуғын жоқары оқыў орынлары профил кафедраларының профессор-оқытыўшылары тәрепинен системалы үйренилип барылыўын шөлкемлестирип барыў, студент-жаслардың қәнигелик әмелиятларын өтеўин жақсы жолға қойыўда жоқары оқыў орынлары арасында тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў кереклигин айтып өтти.   Буннан соң университеттиң профессор оқытыўшылары, филология илимлериниң докторлары Ш.Әбдиназимов ҳәм Қ.Оразымбетовлар  шығып сөйлеп, оқыў орынлары менен өндирислик мәкемелердиң бирге ислесиўи жаслардың елимиз ушын жетик қәнигелер болып жетилисиўинде үлкен әҳмийетке ийе екенлигин ҳәм бул бағдардағы жумысларды жетилистириў зәрүрлигин атап өтти.






Ушырасыўда жаслардың машқалаларын үйрениў ҳәм өз ўақтында шешиў, оларды материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў мәмлекетимиз сиясатының баслы ўазыйпаларының бири екенлиги атап өтилди.  Сондай-ақ, Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 2023-2024-оқыў жылы  питкериўшилериниң келешекте өз қәнигеликлери бойынша жәмийетте өз орынларын табыўына жақыннан жәрдемлесиў мәселелери ортаға тасланды.

-Бундай илажларды өткерип барыў студентлердиң әмелиятты өтеў арқалы билимин жетилистириў, кәсипке бейимлесиў ҳәм келешекте билимлендириў тараўы ушын жетик қәнигелер болып жетилисиўине имканият жаратады. Алдағы ўақытлары өзим ислеп атырған Президент мектебине де әмелиятшыларды қабыллаў бойынша усынысларды көрип шығып, тийисли нәтийжелерге ерисемиз деп ойлайман,-дейди Президент мектеби оқытыўшысы Ҳ.Абдижаппарова.




Илаж даўамында тийисли мәселелер бойынша усыныслар билдирилип, қатнасыўшылардың сораўына қәнигелер тәрепинен жуўап берилди.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги