Беруний районлар аралық экономикалық судының 2023-жыл 17-марттағы қарары тийкарында қарыздар Әмиўдәрья районында жайласқан “AMUDARYOTEX” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен ɵндириўши “Амударё элита уруғчилик” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң пайдасына жǝми 491 миллион 310  мың 352 сум ɵндириў белгиленген.

Усы қарарға тийкарланып шығарылған орынлаў ҳүжжети Мǝжбүрий орынлаў бюросы Әмиўдәрья районлық бɵлими ис жүргизиўине келип түскен ҳǝм бɵлим хизметкерлери тǝрепинен орынлаў ҳǝрекетлерине кирисилген.

Атап айтқанда, суд қарарының орынланыўын тǝмийинлеў мақсетинде қарыздар “AMUDARYOTEX” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң банк есап бетине электрон инкассо қойылып, қарыздарға тийисли автотранспорт қуралы ҳǝм 5 кɵшпес мүлклерине бǝнт салынған.

Усының нǝтийжесинде қарыздардан ɵндирилиўи тийис болған 491 миллион сумнан артық қарыздарлық усы жылдың 21-февраль күни толығы менен ɵндирилип, “Амударё элита уруғчилик” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң есап бетине ɵткерип берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги