Әдебий шығарма онда сүўретленген ўақыяның оқыўшы жүрегинде қалдырған изи менен қунлы. Жазыўшы Өмирбай Өтеўлиевтиң «Бахыт қусы» деп аталған китабының идеясы ­ бул өмирге деген муҳаббаты. Қарақалпақ жигити Ғайыпбай менен япон қызы Мадоканы табыстырған. Бул бизиң аўылласымыздың «Саза» атлы қыл қәлем картинасы. Бул сүўретли картина художник жигиттиң өз өмиринде айрықша тәсирленген бир ўақыясынан туўылған. Бәҳәрдеги абыржыда дәрьядан ат жүздирип өтпекши болған атасының аты суўға кетип, өзи зорға аман қалады. Берги жағада ўақыяны көрип турған Ғайыпбай бул көринисти қағазға түсирип жанландырады. Картинаны көрген жоқары жақтың қәнигелери «Дәрьяға ығып кеткен аттың кесадай көзлерине гүллән тиришиликти сыйдыра билген» деп баҳалайды.

Өмирге муҳаббаты жоқ адамлар Японияның Хиросима ҳәм Нагасаки қалаларына атом бомбасын таслап, Мадоканың атасын дозаққа таслап, шашларының бир түги қалмай түсип, он еки мүшесиниң саў жерин қоймай күйдирген. Нур кесели Мадоканың денесине де орналасып, ол Қарақалпақстанға келгеннен соң бул кеселликтиң белгилери шыға баслағаны менен Ғайыпбай ҳәм оның аўылласларының ықласы, мийримли тәбияты япон қызының тиришиликтен гүдерин үздирмей, айығып кетиўине себепши болады. Өмирге муҳаббаты жоқ адамлар Ғайыпбайдың да ата мәканын апатқа ушыратты ­ асаў дәрьяны жылғаға, көгалай көк теңизди көлмекке айландырды. Жазыўшы усындай тәғдири сабақлас адамларды табыстырып, оларға турмыс қыйыншылықларын жеңдирип, инабатлы өмир үлгисин береди.

Китапқа кирген буннан басқа да шығармаларының социал-тәрбиялық әҳмийети күшлилигин исеним менен айта аламыз.

С.ИБРАГИМОВ,

жазыўшы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги