Халқымыз тәрепинен неше мыңлаған жыллардан берли белгиленип киятырған Наўрыз байрамы быйылғы жылы да республикамыздың кең жәмийетшилиги тәрепинен көтериңки руўхта  өткерилмекте.

Елимиздиң басқа аймақларында болғаны сыяқлы Наўрыз салтанатлары Қараөзек районындағы орайлық стадионда да кең түрде белгиленди.

Стадион әтирапы ҳәм оған алып барыўшы көше-қыябанлар бәҳәрдиң гөззал көринисин сәўлелендириўши рәң-бәрең нағысларға бүркенип, халқымыздың миллий қосық намалары жаңлады. Қазанларда сүмелеклер қайнатылып, аймақ халқы бир-бири менен қушақ ашып көристи.

Байрам салтанатында район ҳәкиминиң орынбасары Айдос Жуманиязов, Нураный қорының районлық бөлими баслығы Маҳаммаддин Гүлимбетовлар шығып сөйлеп, аймақ халқын байрам менен қызғын қутлықлап, жаңа жылымызда елимиз тыныш, аспанымыз ашық, дәрьямызда суў мол болыўын тиледи.








Буннан соң районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған «Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз!» атамасында театрластырылған концерт бағдарламасына гезек  берилип, онда атқарылған йошлы қосық-намалар, аяқ-ойынлар, қыз-жигитлер айтыслары жыйналғанлардың кеўлине айрықша қуўаныш бағышлады. Соңынан миллий спорт жарыслары өткерилип, ондағы тамашалар илаж қатнасыўшыларында умытылмас тәсир қалдырды ҳәм жарыс жеңимпазлары район ҳәкимлиги тәрепинен баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды.






Сондай-ақ, халқымыздың миллий үрп-әдет дәстүрлери, түрли сахналық көринислери ҳәм тамашаларына қатнасқан билимлендириў тараўы хызметкерлерине де баҳалы саўғалар тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги