«Исбилерменлик субъектлерине халықаралық платформалар арқалы санлы технологиялар тараўында хызметлер көрсетиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-129-санлы, 15.03.2024 ж.) қабыл етилди.

Қарарға бола, ҳуқықый эксперимент тәризинде санластырыў тараўында хызметлер көрсетиў бойынша экспорт шәртнама ҳүжжетлерин халықаралық платформаларда рәсмийлестириўге рухсат бериледи.

2024-жыл 1-апрельден ҳуқықый эксперимент шеңберинде Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық парки (IT-парк) резидентлери тәрепинен санластырыў тараўындағы хызметлер (олар әмелге асырыўы рухсат етилген жумыс түрлери дизимине муўапық) экспорты бойынша халықаралық платформаларда электрон тәризде рәсмийлестирилген баҳасы 100 мың АҚШ долларына шекем (ямаса усы эквивалентке тең муғдарға шекемги) шәртнамалар (келисим, есап-бет-фактура, инвойс) электрон ҳүжжет сыпатында тән алынады және олардың қағаз түриндеги нусқасы талап етилмейди.

Санластырыў тараўындағы хызметлер экспорты бойынша шәртнамаларды рәсмийлестириў рухсат етилетуғын халықаралық платформалар дизими Санлы технологиялар министрлиги ҳәм Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен тастыйықланады.

Ҳуқықый эксперимент шеңберинде IT-парк резидентлери ушын БИМХП арқалы Сыртқы саўда операцияларының бирден-бир электрон мәлимлеме системасына сыртқы саўда келисимлери бойынша тийисли мағлыўматларды киргизип барыў мәжбүрий есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги