Бүгин бес қаланың бири болған Шымбай қаласында жайласқан ашық театрда Улыстың уллы күни есапланған Наўрыз байрамы салтанатлы жағдайда болып өтти.

Оған район белсендилери, мийнет алдынғылары, нураныйлар, жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Халқымыздың миллий салт-дәстүрлери, үрп-әдетлери кең түрде сәўлеленген байрам мәресиминде район ҳәкими Айбек Тажетдинов жыйналғанларды Наўрыз байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм быйылғы жылдың елимиздиң барлық халқы ушын қутлы болып келиўин тиледи.

Соңынан республикамызға белгили мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери тәрепинен таярланған  «Хош келдиң бәҳәрим – хош келдиң Наӯрыз» атамасындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылып, онда атқарылған йошлы нама ҳәм қосықлар қатнасыўшылар кеўлине көтериңки кейпият бағышлады.












Елимизге кирип келген Наўрыз байрамы ҳәзирги ўақытта район аймақлары бойлап кең түрде болып өтпекте.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги