Жаӊа Өзбекстанды қурыў ҳәм халқымыздың абаданлығын арттырыў жолында баслама көрсетип, жәмийет ағзаларына үлги болып киятырған ҳаял-қызлардыӊ жумысларын үгит-нәсиятлаў мақсетинде, Шымбай районындағы Жаслар орайында «Жақсылық-сүренимиз, ағартыўшылық-қуралымыз!»  атамасында саз-сәўбетли ушырасыў кешеси өткерилди.

Илажда Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурман, Өзбекстан Мәмлекетлик филармониясы қосықшысы С.Холматов, Өзбекстан Мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими қосықшысы М.Төлегенова, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театр актрисасы Г.Сарыбаева, «Нураный» қоры районлық бөлиминиң баслығы Ө.Толыбеков, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы Қ.Мамбеткаримов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.



Илажда сөзге шыққан үгит-нәсиятшылар тәрепинен елимизде ҳаял-қызлар ушын еркин ҳәм абадан турмыс қурыў бүгинги күни мәмлекетимизде еӊ баслы ўазыйпалардың бири сыпатында белгиленгенлиги, өйткени, инсан қәдирин қәдирлеў, еӊ дәслеп әзиз ҳаял-қызларды улығлаўдан басланатуғынлығы ҳәмде бул бағдарда алып барылып атырған реформалар ҳаққында кеӊ түрде айтып өтилди.

Илаж соӊында бүгинги күни дүньяныӊ раўажланған еллеринде жайласқан жоқары оқыў орынларында билим алып атырған шымбайлы жаслардыӊ аналарына район ҳәкимлиги тәрепинен Миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги