«Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки» сүрени тийкарында өткерилип атырған улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги Тахтакөпир районында да өз-ара аўызбиршилик пенен шөлкемлескенлик жағдайында болып өтти.

16-17-март күнлери өткерилген шембиликке район бойынша 3896 адам қатнасып, 46,4 гектар жерлер абаданластырылды. Соннан 37 тонна турмыслық ҳәм қурылыс шығындылары шығарып тасланды. 6,1 км аралықтағы жап-салмалар қазылып, аймақтағы 55 қойымшылықлар әтираплары тәртипке келтирилди. 1113 түп мийўели, 1551 саяманлы терек, 2273 гүл нәллери егилип, 2705 теректиң шақалары қырқылды.

-Сондай-ақ, районымыз бойынша социаллық қорғаўға мүтәж 5 шаңарақтың турақ жайлары оңланып, кем тәмийинленген, физикалық имканияты шекленген ҳәм жалғыз баслы 16 үйге 7,7 млн сумлық материаллық жәрдемлер көрсетилди,-дейди Тахтакөпир районында шембиликти өткериў бойынша дүзилген штабтың баслығы А.Примбетов.

Жоқарыда айтып өткенимиздей, ҳәзирги ўақытта бундай абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў ислери район аймағында қызғын даўам етпекте.





Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги