“Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле – елимиз көрки” сүрени астында өткерилген улыўма халықлық қайырқомлық шембилигине Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының мийнет жәмәәти де белсене қатнасып, әтирап аймақтың тазалығына үлес қосты.

Абатлық кеўилден басланады. Әсиресе, бәҳәрдиң әжайып усы бир күнлеринде ҳәр бир адам тек өзи жасап атырған үйиниң әтирапын ғана емес, ал көшелерди, жап-салмаларды, жумыс орны қулласы қызғын шембилик жумысларында белсене қатнасыўға ҳәрекет етеди. Себеби, тазалық ден саўлықтың гиреўи, соның менен бирге таза, азада жерде берекет те болады. Халкымыз уллы байрам қарсаңында шембилик жумысларын шөлкемлестирип, әтирап-аймақ азадалығына ылайықлы үлес қоспақта. Бул да халқымыздың беккем аўызбиршилигиниң айқын көриниси.


Жаңаланыў ҳәм жасарыў мәўсиминде Наўрыз байрамын мүнәсип белгилеў мақсетинде өткерилип атырған шембиликте жәмәәт ағзалары тәрепинен әтирап тазаланып, мийўе ҳәм декоратив терек нәллерин отырғызыў жумыслары биргеликте аўызбиршиликли түрде исленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги