Жазыўшы ҳәм журналист Әбдибай Қарлыбаевтың 1992-жылы баспадан шыққан «Орай жиберген жәлладлар» атамасындағы ҳүжжетли романы «Жети ықлым» баспасында китап болып қайтадан баспадан шықты.

Бул роман ўақтында көплеген сыншылардың талқылаўынан өтип, китап оқыўшылары тәрепинен жақсы қабыл етилген шығармалардың бири болды.

Бул китап заман арпалысында дөҳмет қысыўметине жолыққан айырым көрнекли ел перзентлериниң ҳәм әпиўайы мийнет адамларының дағдарыслы тәғдирлери ҳаққында сөз етеди.

Өткен әсирдиң 80-жылларында Өзбекстанға, соның ишинде Қарақалпақстанға Орай тәрепинен жиберилген гейпара көзсиз басшысымақлардың ел-журт арасында ала-аўызлық туўдырып, бийбастақлық етип, халықтың берекетин қашырған ўақыялар ҳаққында сөз етеди. Бул дәўирде көплеген азаматлар гдляншы зулымлар тәрепинен жөнсиз ақыретленип, биймезгил көз жумған, сатқынлық қурбаны болып, жәбир-жапа шеккен. Әсиресе, халқымыз Гдлян ҳәм Иванов сыяқлы тергеўшилердиң әдалатсызлығынан қатаң қысқыға түскен.

Романдағы көпшилик ўақыялар ҳүжжетлерге тийкарланып жазылған.

Китаптың атамасы ҳәм айырым мүддети өткен силтемелер қысқартылған. Сондай-ақ, редакторланып, тарийхый ҳүжжетли шығарма болғаны ушын сол дәўирдеги атамалар сақланып қалған.

Мағлыўмат ушын, «Жети ықлым» баспасы буннан бир неше жыллар алдын жарық көрген, бирақ бүгин ушығаның қыйқымындай болып кеткен басылымларды халқымызға қайта табыс етип атырғаны итибарға ылайық.

Қарақалпақстан хабар агентлиги