Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы ўәкиллериниң қатнасыўында студент-жаслар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Онда мәмлекетимизде соңғы жыллары әмелге асырылып атырған реформалар, банк тараўына тийисли жумыслар, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы ҳаққында мағлыўматлар берилип, жаслардың банк тараўына байланыслы билим ҳәм көнликпелерин беккемлеў, кредит алыўдың тәртип-қағыйдалары, субсидия ҳәм тәлим кредити, социаллық тармақлар арқалы ҳәр қыйлы мазмундағы пул менен байланыслы ойынлардың дузағына түсип қалмаў, олардың алдын алыў мәселелери додаланды.

Атап өтилгениндей, елимизде өмирге үлкен әрманлар менен қәдем таслап атырған жаслар ушын көплеген мүмкиншиликлер жаратылмақта. Әсиресе, жаслардың банк тараўына байланыслы билимин беккемлеў, кредит алып өз исбилерменлигин жолға қойыўына жәрдемлесиў үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасының бөлим баслығы, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты М.Қасимов ҳәм басқалар студент-жасларға оқыў менен биргеликте кредит алып исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын банк тәрепинен берилип атырған жеңиллетилген кредитлер туўралы толық мағлыўматлар берип өтти.


Атап айтқанда, бизнеске қәдем картасы арқалы физикалық тәреплер ушын 5 миллион сумға шекемги муғдарда берилип атырған, өзин-өзи бәнт еткен тәреплерге 100 миллион сумға шекемги муғдарда берилип атырған кредитлер бойынша мағлыўматлар берилип, оны алыўдың тәртип-қағыйдалары түсиндирилди.

Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, бизнеске қәдем, өзин-өзи бәнт етиў абзаллықлары салық мобиль қосымшасы арқалы онлайн дизимнен өтиў, жыллық взносты төлеў ҳәм соның нәтийжесинде, алдағы ўақытлары социаллық төлемлерге ҳәм пенсияға ағза болыў мүмкиншилигин береди.

Ушырасыў даўамында студент-жаслар банк тараўына байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги