Суў хожалығында илимий-изертлеў жумысының нәтийжелилигин арттырыў, тараўға инновациялық технологиялар, илим жетискенликлерин кеңнен енгизиўге итибар қаратылмақта. Инновацияларды енгизиўге байланыслы хызметлерди шөлкемлестириў бағдарында белгили жумыслар әмелге асырылды.

Есап-санақларға бола, 2025-жылға шекем Сырдәрья бассейнинде суў ресурсы 5 процентке, Әмиўдәрья бассейнинде 15 процентке шекем азайыўы күтилмекте. Өзбекстанда 2015-жылға шекемги дәўирде суўдың жетиспеўшилиги 3 миллиард м3 тан асламды қураған болса, 2030-жылға барып 15 миллиард м3 ти қураўы мүмкин.

Сенаттың Аграр ҳәм суў хожалығы мәселелери комитети тәрепинен Суў хожалығы министрлиги менен биргеликте «Суў хожалығында инновациялық технологияларды енгизиў: машқалалар ҳәм шешимлер» атамасында өткерилген конференцияда усы ҳаққында сөз болды.

Регионда кейинги жылларда глобаллық климат өзгериўи, қар ҳәм жаўын-шашынлардың аз болып атырғаны, музлықлардың ҳәм ири дәрьялардың бассейнлеринде, киши дәрья сайларда суў муғдарының азайып атырғаны, сондай-ақ, трансшегаралық суўдан пайдаланыў машқалалары себепли республикада орташа жыллық 51 – 53 миллиард м3 суў ресурсларынан пайдаланылмақта (92,7 проценти дәрья ҳәм сайлардан, 1,9  проценти коллектор тармақларынан, 0,9 проценти жер астынан). Көрсеткиш ажыратылған суў алыў лимитине салыстырғанда 20 процентке қысқарған.

Республика бойынша экономика тармақларында кейинги 10 жылда пайдаланылған орташа жыллық суў муғдары 51,9 миллиард м3, соның ишинде, аўыл хожалығы тараўында 2,7 миллиард м3 (90 процент), санаатта 0,75 миллиард м3 (1,5 процент), ыссылық энергетикасында 0,3 миллиард м3 (0,6 процент), коммунал-турмыслық хожалық тараўында 2,7 миллиард м3 (5,2 процент), балықшылықта 0,74 миллиард м3 (1,4 процент), басқа да тараўларда 0,6 миллиард м3 (1,3 процент)ди қураған.

Президентимиздиң суў хожалығын раўажландырыўға байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткен 2023-жылы тараўда бир қатар нәтийжелерге ерисилген.

Атап айтқанда, ирригация бағдарында 393 км канал, 58 км лоток, 19 гидротехника қурылмасы, 4,3 м3/с насос станциялары, 4,6 км басымлы қубырлар, еки көпир ҳәм 60 суўғарыў қудықлары қурылған ҳәм реконструкцияланған, 9,1 км жағалықты қорғаў жумыслары орынланған.

Мелиорация бағдарында 230 км ашық, 156 км жабық коллектор-дренаж тармақлары 6 вертикаль дренаж қудығы, 59 гидротехникалық имарат, 58 бақлаў қудығын қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылған.

Бул илажларды әмелге асырыў нәтийжесинде ирригация ҳәм мелиорация объектлериниң техникалық жағдайы жақсыланып, жойбарлар аймағындағы 208 мың гектар майданлардың суў тәмийнаты ҳәм 106 мың гектар суўғарылатуғын жер майданларының мелиоративлик жағдайының жақсыланыўына тийкар жаратылған.

Соның менен бирге, конференция қатнасыўшылары суў хожалығында инновациялық технологияларды енгизиўдеги машқалаларды таллаў тийкарында илимий тийкарланған шешимлерге сүйенген ҳалда раўажландырыў перспективаларын белгилеў бойынша тутас система жаратыў мәселесине тоқтап өтти. Тараўда илим жетискенликлерин өндириске енгизиўди тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Сенаторлар, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, комитет жанындағы экспертлер топарының ағзалары, илимпазлар, әмелиятшылар қатнасқан конференция жуўмағында тараўды раўажландырыўға байланыслы усыныслар ислеп шығылды.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы